ЗӘҲӘРЛЕНИЎДЕН САҚЛАНАЙЫҚ

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Нөкис районында усы жылдың 7-ноябрь күни “Азық-аўқаттан зәҳәрлениў ҳәм ботулизмниӊ алдын алыўда АЖМД хызметлериниң ҳәрекетлери” темасында көргизбели арнаўлы-тактик оқыў шынығыўы “Саманбай” АПЖ аймағындағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ мәжилислер залында семинар усылында әмелге асырылды.
Атап айтқанда: Ботулизм кеселлиги аўқаттан зәҳәрлениўдиң ең аўыр түри есапланып, айрым жағдайларда үй шараятында таярланған помидор, қыяр, патиссон маринаты, баклажан икрасына уқсаған консерва өнимлерин пайдаланыў нәтийжесинде жүзеге келеди. Ботулизм микробы консерваланған азық-аўқат өнимлеринде кислородсыз (ҳаўасыз) шараятта тез көбейеди. Консерваларды пайдаланғаннан соң 2 саат, айырым ўақытларда 3-4 күн өткеннен кейин зәҳәрлениў белгилери гүзетиледи. Бул кеселликтиң ең жаман тәрепи, шыпакерге жолықпаса, бул жағдай өлимгеде алып келеди.
Семинарда оқыў қатнасыўшылары өзлерине керекли сораўларына толық жуўап алды.
Көргизбели арнаўлы-тактик оқыў шынығыў еки басқышта болып өтти. 1-басқыш “Азық-аўқаттан зәҳәрлениў ҳәм ботулизмниӊ алдын алыў бойынша түсиник берилсе, медицина бирлеспесиниң “Саманбай” АПЖ да жасаўшы пуқараныӊ өз үйинде “Азық-аўқаттан зәҳәрленген пуқараға Антирабик тез жәрдем көрсетиў болды.
Р.Исаев,
Нөкис районы, АЖБ үгит–нәсият бөлимшеси баслығы капитан.