Адам аўырса дәрриў шыпакерге барады. Шыпакер оған дәри жазып берсе соны қабыллап тәўир болады. Ал, тәни емес, руўхыяты аўырса ше?
Бул сораўға жуўап излеп көрейик…
…Дәстан мектепти «ағла» баҳаларға оқып питкерди. Өзи әрманлаған жоқары оқыў орнына түсти. Студентлик «алтын дәўир»диң қызықларын дослары менен бирге өткизди. Группасында Термизден келген Акбарға ҳәммеси ҳәўес ететуғын еди. Себеби, ол әскерде болған, өмирлик тәжирийбеси мол, жүдә епшил жигит еди. Оның группаласларына көрсететуғын тамашалары таўсылмайды. Басқа дослары сыяқлы Дәстан да оның менен дос болғысы келетуғын еди.
Сондай күнлердиң биринде Акбар үйине барып келгенде, өзи менен бирге бирнеше кино дисклерин алып келген екен. Ҳәмме жигитлер киноларды қызығып көре баслады. Ол киноларды көргенде жигитлерде ер жигитке ылайық батырлық, мәртлик, күш-ғайрат пайда болады. Олар өзине қарсы келгенлерди жеңип, қайтып жанына жоламайтуғындай қылатуғын еди. Бул кинолар усылай даўам ете берип, ақырында жаўызлыққа алып келеди. Жаўызлықтың да өзине ылайық «рәҳәти» болар екен. Сол «рәҳәт» Дәстанның жанына майдай жағар еди. Сөйтип жүрип институтты да тамамлады. Илимий жумыслар менен шуғылланып, белгили дәреже алды. Бирақ, жаўызлық ҳаққындағы киноларды көргиси келип турар еди. Илимий жумысларын жақлап болған соң, биротала кино көриўдиң жолына түсип алды. Ўақытын тек ғана киноларға бағышлады. Әсте-әсте уйқысы қаша баслады. Түни менен уйықлай алмайды. Кинодағы ўақыялар көз алдында тәкирарланып, өзи де солардың арасында жүреди. Адамды адам жейди, қанын ишип дем алады…. адам айтыўға тили бармайтуғын жаман ислерди ислейди. Дәстанның ойында тек усы ҳәдийселер…
Күннен-күнге оның ден саўлығы өзгере баслады. Аўқат жейин десе тәбети жоқ, уйықлайын десе уйқы жоқ. Жүреги ҳәўлирип, изинен биреў қуўып киятырғандай болады. Өзинен-өзи қорқыныш басады. Ақыры шыпакерге барып бираз дәри қабыллады. Бирақ, ҳеш пайдасы болмады. Кеўлиндеги қорқыныштан қутылмады. Емлеўханаға жатты, оннан да пайда көрмеди. Көзи шүңирейип ишине кирип кетти, азып териси сүйегине жабысып қалды. Тек геўдесинде жаны бар, тири өликке айналды. Үйде жатыўға қорқады, сыртқа шығып айланып жүриўге шамасы жоқ.
Дәстанның бундай кеселге шалынғанын әжағасы еситип, оны излеп барды. Инисиниң аҳўалын көрген әжағасы қорқып кетип, емлеўханаға апармақшы болды. Бирақ, Дәстан емленип, дәри қабыллағанын айтқан соң, әжағасы ойланып қалды.
Буны бирден-бир емлейтуғын адам – психолог деп шешти ҳәм инисин психологтың алдына алып барды. Психолог Дәстанның не менен шуғылланатуғынын сорағанда Дәстан шоршып кетти. Себеби, көрген киноларындағы жаўызлықлардан өзи де корқып қалған еди. Психолог оның дәртиниң даўасын тапқандай болды. Себеби, жаман кинолардағы жаман энергия оның санасын зәҳәрлеп, күш-қуўатын тартып алған еди. Ол дүньяның гөззаллығынан, мейиримли адамлардың муҳаббатынан шетте қалған еди. Психолог оның қуўаныштан мақурым қалған жүрегине жақсылық нәлин еге баслады. Жақсы ислер менен шуғылланыў, адамларға пайдасын тийгизиў, адамлардың қуўанышына ортақласыў шын бахыт екенин мысаллар менен түсиндирип қараңғылық басқан санасын оята баслады.
Дәстанның жүзине қан жуўырды. Ол да басқа адамлар сыяқлы жасай баслады. Дүньяда жақсылар көп екенине исенди ҳәм қорқпайтуғын болды.
Билимли психолог жақсылық пенен Дәстанның өмирине жақты нур келтирди.
Өзимизге абайлы болайық, ағайинлер!
Гүлайым Қуўанышбаева,
ҚМУ, журналистика факультети студенти.
