Дәслепки мағлыўматлар бойынша 2022-жылдың январь-сентябрь айларында республикамыздағы ислеп шығарыўшы кәрханалар тәрепинен 12986,3 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, бул өткен жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда өсим пәти 101,0 процентти қурады. Санаат ислеп шығарыў қурамында ең үлкен үлес ислеп шығарыў санаат кәрханаларына (қайта ислеў санааты) туўры келип ислеп шығарылган өнимлер көлеми 11230,0 миллиард сум, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң
86,5 процентин қурады. Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылган өнимлер көлеми 1564,9 миллиард сумды (улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 12,0 процентин) қурады. Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў кәрханалары тәрепинен 2022-жылдың январь-сентябрь айларында ислеп шығарылған өнимлер муғдары 100,1 миллиард сумды, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери муғдарының 0,8 процентин қурады. Ал, суў менен тәмийинлеў, канализация, шығындыларды утилизатция қылыў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 91,3 миллиард сумды (жәми ислеп шығарылған өнимлер көлеминиң 0,7 процентин) қурады.
Таяр өнимлер түрлерин кеңейттириў ҳәм ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған ис-режелер нәтийжесинде тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 2259,8 миллиард сумды қурап, оның улыўма санааттағы үлеси болса 17,4 процентти қурады.
Мухаббат Қурбанова,
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы санаат статистикасы бөлими баслығы.
