СОЦИАЛЛЫҚ–ЭКОНОМИКАЛЫҚ КӨРСЕТКИШЛЕР

Қараөзек районы:

Мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақда. Аўыл хожалығында егинлерден мол ҳәм сапалы өним алыў, жөнелисиниң социал-техникалық базасын беккемлеў, заманға сай техникалар менен тәмийинлеўге итибар қаратылмақда. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 2022-жыл январь-октябрь айларында көрсеткишлердиң өткен жылдың усы дәўирине тийкар бир қатар нәтийжеге ерисилгенлигин көремиз.
Қараөзек районында 2022-жылдың январь-октябрь айларында ислеп шығарыў тараўында 274,5 млрд сўмды қурап, 2021-жыл усы дәўирине тийкар 108,7 пайызға, қурылыс тараўында 289,1 млрд, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 89,1 млрд сўм, саўда-сатық тараўында 241,3 млрд сўмды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,2 пайызға, хызмет көрсетиў тараўында 123,1 млрд сўм қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,4 пайызды қураған. Районымыздың халықтың жан басына салыстырғанда ислеп шығарыў тараўы 5100,9 мың сўм, қурылыс тараўы, 1655,8 мың сўм, саўда-сатық тараўы 4483,8 мың сўм, хызмет көрсетиў тараўы 2289,0 мың сўмнан туўра келетуғынлығын көриўимиз мүмкин. Мәмлекетимиздиң экономикасының негизги көрсеткишлеринен бири болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў микрофирма ҳәм киши кәрханаларда бәнтлиги тәмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Буған мысал ретинде алатуғын болсақ усы жылдың 1-сентябрь жағдайына районымыз аймағында 1287 хожалық жүритиўши субъектлер мәмлекетлик дизимге алынды. Соннан киши бизнес субъектлери 617ди қурайды. Ал, дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳәрекетте турғанлары 589 субъект болып, ҳәзирги күнде сапалы хызметлерин көрсетпекте. Район статистика бөлими тәрепинен жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлерди, қолайлықларды статистика бөлимине тапсырылатуғын есабатлар мүддетлери ҳәр айдың жума күнлери семинарларда, сондай-ақ биринши ҳәм ақырғы жума күнлери турақлы турде өткерилетуғын «Ашық есиклер» күнлеринде түсиник жумыслары алып барылмақта.

Асқар ЖОЛДАСБАЕВ,
Қараөзек районы, статистика бөлими баслығы.

КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫ:

2022-жылдың 1-октябрь жағдайына Кегейли районы аймағында 1409 хожалық жүритиўши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери 879 ти қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны 831 субъект болып, соннан 131 субъект жыл басынан жаңадан ашылып бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардың мүддетлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалары саны 101, қурылыс кәрханалары саны 67, саўда кәрханалары саны 182 ҳәм де 235 аўыл хожалығы ҳ.т.б 294 кәрханалардан ибарат.
2022-жылдың 1-октябрь жағдайына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 141,5 млрд сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы 6,5 млн АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 214,7 млрд сум, жәми хызметлер тараўы 135,6 млрд сум болып 110,9 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийинленди.
Махсет
АЙТЫМБЕТОВ,
Кегейли районы, статистика бөлими баслығы.