Усы жыл, 8-август сәнесинде Президентимиз тәрепинен «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды. Бул өз ўақтында орынлы қабыл етилген болып, елимиздиң раўажланыў бағдарындағы және бир әҳмийетли қәдеми болып табылады.
Себеби, Нызамның мақсети Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.
Мәмлекетлик пуқаралық хызмети дегенде, мәмлекетлик хызметиниң бир түри, Өзбекстан Республикасы пуқараларының мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларындағы мәмлекетлик органлары ўәкилликлери әмелге асырылыўын тәмийинлеўге байланыслы ҳақы төленетуғын кәсиплик искерлиги түсиниледи.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметкер – мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымында өз искерлигин әмелге асыр
ып атырған шахс есапланады.
Бул Нызамның әмел қылыўы Мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестрине киритилген лаўазымлардағы мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң искерлигине байланыслы қолланылады.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң мәмлекетлик реестри Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен жүргизиледи.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң тийкарғы принциплери етип, мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасының бирден-бирлиги ҳәм турақлылығы, нызамлылық, әдалатлылық, халыққа хызмет қылыў, мәмлекетлик органларының ҳәм лаўазымлы шахсларының жәмийет ҳәм де пуқаралар алдында жуўапкерлиги, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашықлық ҳәм әшкаралық, ашық-айдынлық ҳақыйқый, қалыс, профессионаллық ҳәм компетентлилик, мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириўде Өзбекстан Республикасы пуқараларының тең ҳуқықлылығы, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң ҳуқықый ҳәм социаллық тәрептен қорғалыўы белгиленген.
Өзбекстан пуқарасы мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымына тайынланған ўақыттан баслап мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси (МПХ) хуқықый статусына ийе болады ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң искерлиги тамамланыўы мүнәсебети менен бул статусты жоғалтады.
Елимиздиң бүгинги рауажланыў басқышында бул Нызамға болған талап жоқары дәрежеде еди. Себеби, бул Нызам мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң тийкарғы принциплери, мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң ҳукықлары, мәжбүриятлары, жуўапкерлиги, әдеп-икрамлылық кағыйдалары, коррупцияға қарсы ис-илажларды, миллий кадрлар резерви, мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң мийнетине ҳақы төлеў тәртиплери ҳәм де усыған уқсас көплеп мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында ушырасатуғын ең әҳмийетли бағдарларды өз ишине алады.
Мәселен, Мәмлекетлик хызметкер өз басшысының нызамсыз тапсырма ҳәм талапларын орынлаўдан бас тартыў, коррупция ҳаққында хабар бергенде мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе екенлиги.
Мәмлекетлик хызметкер исбилерменлик пенен шуғылланыўы, олардың шөлкемлестириўшиси болыўы, Өзбекстаннан тысқарыда есап бетлерин ашыў, шет елде көшпес мүлк алыўы, шет ел мәмлекетиниң пуқаралығын алыў, педагогикалық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысынан басқа ҳақ төленетуғын искерлик пенен шуғылланыў, өз хызмет ўәкилликлерин физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан қандай да бир сыйлық, саўға ямаса пайда алыўы қадаған етилетуғынлығы, мәмлекетлик хызметкер дәраматлары ҳәм мал-мүлки ҳаққында декларация бериўи кереклиги келтирилген.
Бул «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи халқымыздың турмыс пәраўанлығын жақсылаў барысында алып барылып атырған ийгиликли ислерде мәмлекетлик мәкемелер жуўапкершилигин еле де асырып, елимизде дерлик барлық тараўларда алып барылып атырған реформаларды әмелге асырыўда күш бериўши тийкарғы дерек болыўы сөзсиз.
Айдарали Сахиев,
Мойнақ районы, «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси.
