ЖАТ ЖУРТТАҒЫ ЕКИ ЖЫЛ

Адамзат бул ѳмирде жасаў дәўиринде қаншадан-қанша сынақларды басынан ѳткереди. Қайсыдур китаптан оқыған мына қатарлар негедур тез-тез ядыма түседи. «Жасаў бул-барлық ѳтириклерге кѳниў» шынында да солайма екен? Мәлим дәрежеде шынлық бардай сыяқлы. Себеби, ҳеш бир бенде алдында не барын қандай жағдайлар күтип турғанын билмейди. Мениң ѳмирим ҳеш бир оқырманға қызық болмаса керек, бирақ еки ярым жыл сырт елде болған ўақытларымды сизлер менен бѳлиским келди.
2018-жылдың 28-июль күни Корея Республикасының Кунсан қаласына барып 2021-жылдың 4-январь күни ѳз ана ўатаным Қарақалпақстанға келдим.
Эҳ, ана дияр. Кең саҳра ҳәм жыңғыл менен жантағы да кѳзиме сондай ысық. Кореяның бәлент-бәлент таўлары менен қалың тоғайларынан да сулыўдай болып кѳринди. Ҳаял басым менен сырт елге барып жумыс ислеймен деген ой жети уйықлағанымда да түсиме кирген жоқ еди. Ѳмирдиң сынақлары алдында биз бендеси илажсыз екенбиз. Ѳмирлик жолдасым қайта-қайта аўырып қыйналып жүрген ўақтымда Кореяда оқып, жумыс ислеп атырған сиңлим «Кореяға кел жумыс табылады» – деп мирәт етти. Мыңда бир қыяллар менен алыс сапарға кетиўге ѳзимде күш жыйнадым, узақ ойландым…
Себеби, усы жасыма дейин елимнен бир қәдем сыртқа шығып кѳрмеген екенмен. Самолётта ушып баратырып кѳзимдеги жасты тыя алсам қәне…
Солығымды баса алмай кѳз жасларым дуў-дуў ағады. Сестимди шығармаўға ҳәрекет етип, қасымдағы жолаўшылар сезип қоймағай деп те ойлап қояман.
Сегиз саатлық ушыўдан кейин самолётымыз Корея Республикасының Инчион қаласындағы үлкен аэропортқа келип қонды. Енди самолёттағы хызметкерлердиң хызмет кѳрсетиў дәрежесине тәсийин қалдым. Аэропорт иши жүдә үлкен ҳәм таза екен. Жолды билетуғын адамың болмаса адасып кетесең, тап бизиң бир аўылдай-аў, үлкенлиги шамасы. «Жолға шықсаң жолдасыңды таўып шық» – дегениндей «күтиў залында» сәўбетлес болған қарақалпақ жигитинен айырылмадым, сол қай жаққа барса ере бердим. Сыртта кѳзи телмиреп мени излеп сиңлим тур екен. Кѳптен күткен ушырасыў, кѳристик…
Кореяның кѳп қабатлы үйлеринен 7-қабатына лифт пенен кѳтерилдик. Лифт иши сондай таза, камера орнатылған және жоқарылаўда кишигирим реклама телевизорыда бар екен. Жумысқа орналасыўым жүдә қыйын болмады. Себеби, жумысты үйде отырып газетадан излейди екенсең. Ал, газета болса бийпул. Ҳәр бир кѳп қабатлы үйлердиң, магазинлердиң алдында тѳрт туяқлы газета ушын арнаўлы үскенелер орнатылған болып, таң азанда ҳәр бир газета атпа-ат бѳлинип қойып кетиледи екен. Кимге қандай газета керек болса сол атамадағы газетаны алып оқый береди. Сиңлим жумыс излеўшилерге арналған газетаны алып келип телефон арқалы жумыс излей баслады. Бул қолайлықлардың бәри ѳз халқы ушын жаратылған екен.
Солай етип, ҳүжжетлери «қонақ болып» келген кореец тилин билмейтуғын шет ел пуқарасын ҳеш бир жер жумысқа алғысы келмеди. Еки ай Кореяның жасаў жағдайын бақладым, тил үйрендим ҳәм кишигирим жеке цехқа жумысқа кирдим. Мен ѳмирим даўамында ең жақсы тәсирлерге бай инсаныйлыққа толы болған дәўирди усы кореецлер менен бирге ислескен дәўирим деп есаплайман. Мениң жумыстағы барлық қәтеликлеримди кешире алған тилиң жақсы билмесемде үстимнен күлмеген, бәрҳа излерине ертип меҳир кѳрсеткен мийнеткеш кореец ҳаялларының алдында ҳәмийше бас ийемен. Бәрҳа аман болың кореец досларым.
Гүлбәҳәр
АЙТМУРАТОВА,
Кегейли районы 12-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.