АҢСАТ ЖОЛ МЕНЕН ТАБАМАН ДЕП…

Өзбекстан Республикасында ғәрезсизлигимиз қолға киритилген дәслепки күнлерден баслап, Конституциямызда, Нызамларымызда ҳәм халықаралық нызамшылық нормаларын тәмийинлеӯ, оныӊ өмири, денсаӯлығы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа нызамлы мәплериниң қол қатылмаслығын тәмийинлеӯ үлкен ӯазыйпалардың бирине айланды.
Ҳәр ким жеке өмирин өзи қәлегенинше дүзиӯи ҳәм ийелик етиӯ (Нызамлы шеклеӯлерден тысқары), жеке ҳәм шаӊарақлық сырларды сақлаӯ, өзиниӊ абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе. Усыны айрықша айтып өтиў керек, «Адам саӯдасына қарсы гүресиӯ ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексине киритилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға көре Жынаят кодексиниӊ 135-статьясы «Адам саӯдасы» деп аталды ҳәм адам саӯдасы ушын жуӯапкерликти белгилеӯши жынайы ҳуқықый нормалар жетилистирилди.
Айтып өткенимиздей, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 6-бабында шахстыӊ еркинлиги, абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қастыянлық қылыӯшы жынаятларды нәзерде тутады. Адам саӯдасы шахстыӊ еркинлиги, абырайы ҳәм қәдир–қымбатына қастыянлық қылыӯшы жынаятлар ишиндеги социаллық қәӯиплилик дәрежеси жоқары болған еӊ аӯыр жынаятдур. Усы жынаяттыӊ объектив тәрепи төмендеги қылмысларды ислениӯинде көринеди:
Адам алыӯ, сатыӯ, адамлардан пайдаланыӯ мақсетинде оларды жаллаӯ, тасыӯ, тапсырыӯ, жасырыў, қабыл қылыӯ.
Адам саӯдасы жынаяты түрли усылларда ислениӯи мүмкин, яғный күш пенен қорқытыӯ яки күш ислетиӯ яки басқа мәжбүрлеӯ формаларында пайдалаыӯ, урлаӯ, алдаӯшылық, алдаӯ, ҳәкимиятты өз мәпине пайдаланыӯ яки жағдайдыӊ турақсызлығынан пайдаланыӯ,
басқа шахсты бақлаӯшы шахстыӊ разылығын алыӯ ушын оны төлеӯлер яки мәпдар етиӯ есесине аӯдарып алыӯ арқалы.
Субъектив тәрептен усы жынаят айыптыӊ туӯры қастлық формасында көринеди.
М.Убайдуллаев
Кегейли районы ИИБ ЖҚБ аға оператив ўәкили, майор.