Ҳәзирги ўақытта бир неше ири экстремистлик шөлкемлер белсене түрде социаллық тармақлар арқалы өз қатарына 17-35 жасқа шекемги аралықта болған адамларды тартпақта. Бунда психологиялық тәсир нәтийжелигин асырыў мақсетинде социал тармақ ағзаларының баслаўшы бетлерине қойылып атырған сүўретлерди, тәрийиплерди, ескертиўлерди ҳәмде алып барылып атырған темалардағы сәўбетлесиўлер пуқта ислеп шығылып, усы тийкарында «гөзленген» шахсқа темаға байланыслы материалларды интернеттиң Facebook, Odnoklassniki, VKontakte, Telegram, Twitter, Whatsаpp киби кең аудиторияға ийе болған социал тармақлар арқалы жиберип өз-ара байланыслар жолға қойылмақта.
БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөзге шыққан Журтбасшымыз Республикада әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм қәўпсизликке зыян келтирип атырған машқалаларға тоқталып, экстремизм ҳәм терроризм қәўпи соңғы жылларда күшейип баратырғанлығы, оларға қарсы күш ислетиў жолы өзин ақламай атырғанлығын айрықша атап өтти.
Елимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған өзгерислерден гөзленген тийкарғы мақсет ҳалқымыздың турмыс тәризин жақсылаў, халықтың жасаў жағдайын жәнеде өсириў, нызамшылықты, ҳуқық-тәртипти ҳәм де жәмийеттиң қәўипсизлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўден ибарат.
Диний фундаментализм ҳәм экстремизм бар екен, терроризм қәўип қәтери барлық ўақыт сақланып қалынады. Себеби, терроризм өзиниң идея ҳәм идеологиялық азығын олардан алады ҳәм оларға сүйенеди. Терроршылық усылларын қоллап-қуўатлап атырған дин нықабындағы түрли шөлкемлердиң ҳәрекетлерине қарсы нәтийжели идеологиялық гүрес алып барыў барысында олардың адамгершиликке жат мазмундағы идеяларын халқымызға түсиндирип жеткериў әҳмийетли орын ийелейди. Жоқарыдағы ағымлар тәсирине түсип қалмаў ушын ҳәр биримиз бәрқулла сергек болыўымыз, журт тынышлығы, халық абаданлығы жолында өз үлесимизди қосыўымыз лазым.
Д.Атажанов,
Кегейли районы ИИБ ТЭҚГТ аға оператив ўәкили, аға лейтенант.
