27-ноябрь елимизде қарақалпақ классик шайыры, өз қосықларында бәрқулла халықтың ғам-тәшўишлерин жырлаған, бахытлы турмысты әрман еткен уллы сөз сезгери Бердақ (Бердимурат) Ғарғабай улы дүньяға келген күн сыпатында кең түрде б
елгиленеди.
Сиз сүўретте көрип турған 1977-жыл 28-июнь күни шығарылған тарийхый ҳүжжетте Нөкис қаласында Бердақ Ғарғабай улының естелигин орнатыў ҳаққында сөз етилген.
Бул тарийхый ҳүжжет Қарақалпақстан
Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды (фонд №Р-322)нда сақланбақта.
Бердақ шайырдың портрети
Қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының портрети қарақалпақстанлы көплеген белгили художниклер тәрепинен исленди.
Дыққатыңызға усынылып отырған «Бердақ» портрети Қарақалпақстан халық художниги Барлықбай Айтмуратовтың қәлемине тийисли.
Портрет Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен жәрияланды.
Ана тилимиз ҳәм уллы шайыр бабамызға арналған кеше
Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 27-ноябрь-Бердақ Ғарғабай улының 195 жыллығы ҳәм 1-декабрь-Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 33 жыллығына бағышланып, әдебий саз-сәўбетли кеше болып өтти.
Оны мектеп директоры Жанар Алиева басқарып барды.
Кешеде елимизге белгили шайыр, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Оразбай Сәтбаев, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жетекши шолыўшысы Әдилбай Оразовлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм қарақалпақ тилиниң халқымыз турмысындағы тутқан орны ҳәм атқаратуғын хызмети, бабамыз Бердақ шайырдың келешек әўладларға қалдырған әдебий мийраслары ҳаққында кең түрде айтып өтти.
Сондай-ақ, кешеде шайыр О.Сәтбаев ана тилимиз, туўылған жеримиз, аўыл тәбиятына арналған жаңа қосықларын оқып берип, бул оқыўшы жасларда үлкен тәсир қалдырды.
Илажда әдебиятқа жаңа қәдем таслап киятырған поэзия ҳәм прозаға қызығыўшы жаслар кеше мийманларына сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды. Соның менен бирге кешеде инталы оқыўшылар тәрепинен дөретилген қосық ҳәм гүрриңлер оқып берилип, бул шығармалар илаж қатнасыўшылары тәрепинен өзлериниң тийисли баҳаларын алды.
М.Мәмбетбаева,
Шымбай районы, 17-санлы мектеп муғаллими.
