Ҳәр бир халықты танытатуғын тийкарғы белгилериниң бири оның тили болады. Адамлардың бир-бири менен қарым-қатнас қуралы бул – тил.
Тил – халықтың, миллеттиң ең уллы қәдириятларынан болып есапланады. Ана тил – ағла пазыйлетлер, уллы сезимлерди өзине жәмлеген бийбаҳа байлық. Ол инсанның тәрбиясында, ер жетиўинде улкен орын ийелейди. Өйткени аналарымыз бизге усы тилде ҳәййиў айтады, инсан ушын керек болған билим ҳәм түсиниклер тил жәрдеминде санамызға сиңдириледи, әдеп-икрамлылығымыз, минез-қулқымыз тил арқалы берилген ақыл-нәсиятлар менен қәлиплеседи.
Ана тили – әййемги тарийхымыз, бийбаҳа қәдириятларымыз, дин ҳәм исенимимиз, халқымызға тән болған дунья қарасымыз, сезимлеримизди басқышпа-басқыш раўажланыўын көрсететуғын, ата-бабалар мийрасын әўладларға жеткеретуғын айна.
Ҳәр бир халықтың көрки, үрп-әдети, салт-дәстүрлери оның тили арқалы жетилисип барады. Соның ушын да ҳәр бир халық өз тилин өз миллетиниң аты менен атайды, оны бәрҳама қәдирлейди, ҳүрметлейди оның сақланыўына, раўажланыўына мүмкиншиликлер жаратады.
Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толмақта. 1989-жылы 1-декабрьде Тил ҳаққындағы Нызамның қабыл етилиўи қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил дәрежесине көтерилиўине имканият жаратты ҳәм оның еркин раўажланыўына, кең өрис алыўына жол ашып берди.
Шайырымыз И.Юсупов өзиниң «Ана тилиме» қосығында халқымыздың өмирлик азығы ҳәм руўхый байлығы болған ана тилиниң қәдир-қымбаты менен уллылығын мақтаныш сезимлери менен жырлайды:
Жыраў сени бәйги атындай баплаған
Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.
Ана тилим, сен-басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман,
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.
Шайыр бул қосығында халқымыздың узақ тарийхый жолды басып өтип, қаншама сүргинлер менен қысыўметлерди бастан кеширсе де өз ана тили менен үрп-әдет дәстүрлерин, халықлығы менен миллийлигин жоғалтпастан, бүгинги күнге жеткенлигин толып-тасып жырлайды.
Ғәрезсизликке ерискеннен кейин тилимизге ерисе басладық. Тил билиў –мәдениятлылықтың белгиси. Халқымыз тили менен айтқанда тил билген ел биледи. Тилди қанша көп билсек, сонша дәрежеде ел таныймыз.
Ана тилге болған муҳаббат, ең дәслеп, оны жақсы көриў, ҳәр бир сөздиң мәнисин терең түсинип қолланыў арқалы көринеди. Тилимиздеги сөзлерди дурыс ҳәм таза сақлап билсек, тилимизди, миллетимизди динимизди қорғай аламыз. Мине сол ушын да халықтың, миллеттиң өзлигин көрсетиўде тилдиң орны айрықша.
Ана тилди сүйиў – Ўатанды сүйиў менен теңдей болып, оны қәстерлеп сақлаў ата-бабалар руўхына ҳүрмет белгиси, өз тилин қәстерлеп сақлаған халық өзлигин, ар-намысын асырап-абайлаған болады.
Бир сөз бенен айтқанда, ана тилимиз халқымыздың жүрегиниң төринде болған ең қурамалы сезим ҳәм түсиниклерди де сүўретлей алады. Себеби, бул тил неше әсирлер, мың жыллықлар даўамында халық пенен бирге қәлиплескен. Соның ушын да, ана тилди миллеттиң руўхы деймиз.
Солай етип, ана тилди терең билиў, оны мақтаныш етиў миллий руўхыйлық, өзликтиң белгиси болса, басқа тиллерди билиўге умтылыў мәдениятлылықтың белгиси болып есапланады.
Гәўҳар Ембергенова,
Хожели районлық 29-санлы мектептиң жоқары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы.
