ысытыў системасынан қәўипсиз пайдаланайық

Өрт ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдалары талаплары бузылыўы нәтийжесинде турақ жайларда тәбиий газ ҳәм ҳаўа араласпасынан өрт келип шығыўына, пуқаралардыӊ ийис газинен зәҳәрленип қалыў итималыныӊ асыўына алып келмекте.
– Ысытыў мәўсими басланыўы алдынан печлер, қазанханалар, суў ысытыў колонкаларыныӊ сазлығын, морылардыӊ тазалығын тексерип шығыӊ.
– балалар ҳәм имканияты шекленген шахсларды қараўсыз қалдырмаӊ:
– шет елде ислеп шығарылған ысытыў үскенелеринен пайдаланыў тәртиби менен толық танысып шыққаннан кейин пайдаланың.

Егер ханаға тәбий газдиң толып қалғанын сезип қалсаңыз:
– газ плиталар ҳәм ысытыў печлерин газ тармағынан өшириң:
– дәрриў есик ҳәм айналарды ашып, хананы самаллатың.
– ханада электр үскенелерин жақпаң, жанып турған болса өширмең, себеби, бул өрт келип шығыўына алып келиўи мүмкин.

Р.Исаев,
Нөкис районы, АЖМС ҳәм ПҚ ИШҚ үгит-нәсият бөлимшеси баслығы капитан.