Дәўлет сабақта әдеттегидей оқыўшыларына таза теманы шын ықласы менен түсиндирип атырған ўақтында, күтилмегенде қол телефоны үсти-үстине шыӊғырлап қалды. Телефонын сабаққа кирер алдынан сессиз режимге қойыўды естен шығарғанлығынан бираз қысынып, сөзин уйып тыӊлап отырған оқыўшыларынан кеширим сорады. Тема бойынша оқыўшыларға класс тапсырмасын берип, мектеп дәлизине шығып, қоӊыраўға жуўап бериўди мақул көрди.
– Ассалаўма әлейкум! Сиз Дәўлет Жолдасбаев боласыз ба? Биз емлеўханадан сизге шығып атырмыз. ϴмирлик жолдасыӊыз Шахсәнем Қыдырбаева бахытсыз жол ҳәдийсесине ушырап, ҳәзир ғана усы жерге алып келинди. Тилекке қарсы, аўҳалы күтә аўыр. Тез жетип келиўиӊизди соранамыз.
Еситкен суўық хабарынан Дәўлеттиӊ ҳал-дәрманы қурып, басы меӊ-зеӊ болып аўырып, қай жерде турғанлығын да умытты. Тез де өзин қолға алып, мектеп директорыныӊ орынбасары Марат Толыбаевичтиӊ алдына кирип, жүз берген кеўилсиз ҳәдийсени түсиндирип, кетиў ушын руқсат сорады. Мусылманшылықта әзел-әзелден бир-биреўдиӊ жағдайына қарасылады, сол себепли де Марат Толыбаевич Дәўлетке тәселле бериўге умтылып, өмирлик жолдасыныӊ аяққа турып, тәўир болып кетиўине тилеклеслигин билдирип, емлеўханаға барыўына руқсат берди.
Шыпакерлер Шахсәнемниӊ жанын аман сақлап қалыў ушын жан-тәни менен ҳәрекет етти. Тилекке қарсы, жүриминиӊ болғаны шығар, аўыр жатар мәҳәлинде Шахсәнемниӊ жүреги соғыўдан тоқтап, бул ялғаншы дүнья менен мәӊгиге хошласты… Оныӊ намазы Дәўлет туўылып, камалға келген үлкен үйде болды. Он гүлинен еле бир гүли ашыла қоймаған жас келиншектиӊ дүньядан биймезгил кеткенлигине жақын-жуўықлардыӊ, туўған-туўысқанлардыӊ ҳәммеси қатты қыйналып, ишлей қан жыласты. Дәўлет ушын сүйиклиси Шахсәнемсиз бул өмирдиӊ ҳеш қызығы қалмағандай, барлық қуўанышлары, арзыў-әрманлары оныӊ менен бирге кеткендей болып сезилди. Көз ашып көрген арзыўлы ярын қәбирге зорға қыйып, «Жатқан жериӊ жайлы, руўхларыӊ шад болғай!» деп бир қысым топырақты үстине шашып, емиренип өкирип жылап жибериўден өзин зорға тыйды. Дос-яранлары оған: «Сабырлы бол, Дәўлет, белиӊди беккем буў! Изи қайырлы болғай!» – деп тәселле бериўге умтылып, қайғысына шерик екенлигин билдирер еди.
Дәўлет бул орны толмас жоғалтыўдан өзин бираз алдырып қойып, шөптей болып азып кетти. Жатса-турса, ой-қыялында мудамы Шахсәнем турды, түнлерде тез-тезден түсине ене берди. Арадан бир ҳәпте өткен соӊ анасы Замира:
– Балам, ҳақтыӊ буйрығына бендениӊ көнбестен илажы жоқ. «ϴлмектиӊ изинен өлмек жоқ» деген ата-бабамыз. Тири жан тиришилигин даўам етиўи өмирдиӊ заӊы саналады. Айдай келинимниӊ күлимлеген ысық келбетин, жипектей минезин, еткен хызметин мен де ҳеш қашан умытпайман. Ендиги жағында өзиӊди қолға алып жумысыӊа аралас, шырағым. Кәсиплеслериӊниӊ де саған қарасыўдан кемиси жоқ, ҳәммесине мыӊнан-мыӊ рахмет. Оқыўшыларыӊ да сени сағынған шығар, – деп баласын жубатыўға тырысты.
Дәўлет Шахсәнемниӊ биринши пийшембисин өткерип, басына зияратқа барып қайтқаннан соӊ пайтахттағы жумысына араласты.
… Олар қаладағы киши районлардыӊ биринде ижарада турар еди. Шахсәнемсиз қулазып қалған үйде жасаў Дәўлетке оғада аўыр батты. Азанда күлимсиреп жумысқа шығарып салып, кеште күтип алып, ыссы-суўығына қарап, үйди толтырып жүретуғын арзыўлысы жоқ. Ақшамлары оныӊ менен танысқан, бирге өткерген бахытлы мәўритлерди қайта-қайта еслеп, аўыр гүрсинип қояды.
Қаншадан-қанша кеўиллерге билим нурларын қуйыўшы студентлик деп аталмыш алтын дәўир Дәўлет пенен Шахсәнемди де табыстырып, тәғдир жолларыныӊ тутасыўына себепши болды. Олар қәнигеликлери бир-бирине жақын факультетлерде тәлим алып, үлкен аудиторияларда оқытыўшылардыӊ лекцияларын бирге тыӊлар еди.
Күнлердиӊ биринде Дәўлет қалалық китапханада оқытыўшыныӊ берген өз бетинше жумысына байланыслы әдебиятларды китапханашыдан сорап алып атырғанда, ойласып қойғандай Шахсәнем де кирип келди. Үлкен оқыў залында бирге отырып, илимий мийнетлерден керекли мағлыўматларды излестирип, берилген тапсырмаларды жазыўға кирисип кетти. ϴз бетинше жумысы себеп болып, жақыннан сәўбетлесип отырды. Китапханадағы дийдарласыўлар еки жас жүректе муҳаббат сезимлериниӊ ояныўына түртки болды. Шахсәнем келиншек болып, босағадан ийилип түскенде Дәўлеттиӊ анасы өзин қоярға жер таппай қанша шадланып еди. Анасыныӊ көрген көзди қамастыратуғын сулыў орамалды келининиӊ басына тартып, мийрим менен маӊлайынан сүйип, тилек айтқанлары күни кешегидей ядында турыпты. Шахсәнем, шынында да, босағаға жарасқандай сымбатлы келиншек болды. Үй жумысларын тындырып ислеп, ата-енесиниӊ алғысларын алыўға тырысты. Қысқа ўақыт ишинде ағайин-туўысқанлардыӊ кеўиллерине жол таба алған еди.
Жас шаӊарақ ийелериниӊ жумыслары пайтахтта болғанлығы себепли, бир айды арқаға салып, ата-анасыныӊ ақ пәтияларын алып, қалаға жол алды. Еки жас жүрек палдай татлы өмир сүрип, перзентлер сүйип, оларды биргеликте тәрбиялаўды әрманлар еди…
Бүгинлиги Дәўлет қанаты қайырылған қустай жабырқап, муӊлы кеширмелерин кимге айтарын билмей қынжылады. Жигитке көз жас төгиў жараспайтуғынлығын аӊлап, дәртлерин ишине жутады. Шахсәнемнен басқа инсанды ол өмирлик жолдасы сыпатында көз алдына келтире алмас еди.
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
