Кейинги жылларда елимизде бәрше тараўлар қатары туризм тараўы да жедил пәт пенен раўажланып бармақта. Қарақалпақстан Республикасы Ѳзбекстанның басқа аймақларындай ѳзине сай тәреплерине ийе. Мәселен, аймақтың тарийхы, мәденияты, үрп-әдетлери, жасаў тәризи, қәдимги мәдений-мийрас объектлери усаған дыққатқа сазаўар тәреплери менен ажыралып турады.
Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен бүгинги күнде Қарақалпақстанның туристлик тараўын кеңейтип, бул аймаққа келиўши туристлер ағымын кѳбейтиў бойынша кең кѳлемли ислер әмелге асырылмақта. Туризм тараўын еледе жетилистириў мақсетинде республикаға келген туристлер ушын хызмет дәрежесин жақсылаў ҳәм жаңа қолайлықларды жаратыў ушын усы күнге шекем кѳп санлы жайластырыў объектлери дүзилди. Кѳрсеткишлерге келетуғын болсақ, усы жылдың 1-октябрьге шекем Қарақалпақстанда 49 туристлик кәрхана, сондай-ақ 88 жайластырыў орынлары бар болып, солар ишинде 30 мийманхана, 40 мийман күтиў үйлери ҳәм 18 хостел орын алған. Буннан тысқары 11 микро автобус, 48 жол таңламас автотранспорт кѳликлери ҳәм 14 квадратцикл, 25 гид-аўдармашылар хызмет етпекте.
Глобал пандемия дәўирине қарамастан 2021-жыл даўамында Қарақалпақстанға 284 мың аймақлық ҳәм 25 мыңға жақын шет елли туристлер келип-кеткен. 2022-жылдың 9 айы даўамында 592 мың аймақлық ҳәм 30,7 мың шет ел туристлери келген. Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлары айрықша туристлик дестиниция болып есапланады. Олар қатарына Нѳкис қаласы, Шымбай районы, Қарақалпақстанның қубла районлары (Еллиққала, Тѳрткүл, Беруний) ҳәм әлбетте Мойнақ районы да киреди.
Мойнақ районы айрықша туристлик дестинация сыпатында бир қанша дыққатқа ылайық орынларға ийе болып, ѳзине сай тәреплери менен ажыралып турады. Соңғы жылларда бул район туристлер арасында жүдә белгили болып келмекте. Мойнақ ҳәзирги ўақытта бир ўақыттың ѳзинде бир нешше туризм жѳнелислерине ийе. Мысалыға, экотуризм жѳнелисине ийе Арал теңизи, Үстүрт платасы, Судочъе кѳли сыяқлы тәбийғый объектлер бар болып, мәҳәллий туристлик кәрханалар тәрепинен келген туристлер ушын заманагѳй жолтаңламас автокѳликлеринде экстремал джип-тур шѳлкемлестирилген. Арал теңизи бойында жайласқан отаўлар комплекси болса келген туристлерде ѳзгеше бир әлемге келип қалған сезимлерди оятады. Экотуризм жѳнелиси бойынша мәҳәллий турғынлардың тарийхы, үрп-әдетлери, ѳтмиште Арал теңизи менен шеңберлес болған ҳәм бүгинги күнге шекем сақланып қалған турмыс тәризи үлкен орын тутады. Мәселен, балықшылар үй-музейи, Арал теңизи тарийхы музейи, ѳнерментлер қыябаны сыяқлы мәканлар келген мийманларда Мойнақ халқының ѳтмиштеги тарийхына деген айрықша тәсирлениўшилик сезимлерин оятады. Ѳтмиште Арал теңизи ѳзиниң кѳп түрдеги балықлары менен жүдә танымалы болған. Мәҳәлле турғынлары тәрепинен теңизден аўланған балықлардан ҳәр қыйлы мазалы тағамлар таярланған. Мине, бүгин Арал теңизи жоқ болып кетсе де, ѳтмиштегидей әсиресе мойнақша усылда таярланатуғын балық тағамларын қайта тиклеў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, соның менен бирге туристлер арасында кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде соңғы еки-үш жылда Мойнақ қаласында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» деп аталатуғын халықаралық гастрономикалық фестивалы ѳткерилип келинбекте. Ѳз орнында усы фестиваль аймақта Гастрономикалық туризм жѳнелисиниң раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.
Бул илажлар кѳп санлы мийманларды қызықтырыў менен бирге Арал экологиялық апатына дүнья халықлары итибарын қаратыўдан ибарат болып табылады. Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2022-жыл даўамында республикада ѳткерилетуғын мәдений кеўил кѳтерерлик спорт илажларының календар ис-режеси ислеп шығылған. Усы режеге тийкарланып, Мойнақ районында да ғалаба илажлар шѳлкемлестирилди. Март айында «NavrUj» этнофестивалы, апрель айында «Миллий ат спорты фестивалы», май айында «Стихия» халықаралық электрон музыка, илим-пән фестивалы, Үстирт тегислиги бойлап, «Rally Muynak» экстремал автожарыс, сентябрь айында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономикалық фестивалы буның айқын мысалы болды. Мойнақтың туристлик объектлерин айтатуғын болсақ қаланың ишинде «Ѳнерментлер қыябаны», «Шайырлар қыябаны», «Muynak Times» , «Минар-сааты», «Арал теңизи тарийхы музейи», «Мойнақ отаўлар комплекси», «Экология музейи» сыяқлы үлкен, мәдений кеўил кѳтерер ҳәм салфи-объектлерди де қурыў режелестирилген. Туристлик инфраструктура объектлери қатарына 2 отаўлар комплекси, 1 мийманхана, 6 хостел, 12 шаңарақ мийман үйлери ҳәм 10 заманагѳй аўқатланыў орынлары бүгинги күнде бул жерге келген туристлерге хызмет кѳрсетпекте. Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң «2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалын раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Арал бойы аймағының социаллық мәдений ағартыўшылық потенциалын еледе асырыў бойынша «Арал арзыўы» бағдарламасы тастыйықланды. Бағдарламаға муўапық аймаққа туристлерди тартыў мақсетинде Аралдың қурыған түбиндеги айырым орынларға дүньяға белгили инсанлардың атын қойыў кѳзде тутылған. Және де, усы қарарға тийкарланып, Тахтакѳпир районында 2024-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте бақсылар айтысы, шыңқобыз шертиў ҳәм қыссаханлық жѳнелиси бойынша халық дѳретиўшилик фестивалы ѳткериледи. Бул да ѳз гезегинде туристлерди бизиң қарақалпақ халық дәстүрлерине, мәдениятына болған қызығыўшылығының артыўына жол ашары сѳзсиз. Тағы айтатуғын болсақ, Тѳрткүл районының «Жамбасқала» АПЖ аймағында жайласқан «Ўрдак кўл» бойында туристлик комплекс шѳлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
«Арал бойы мерўерти» кѳргизбе жойбары шеңберинде усы жылдың 7-октябрь күни Қазақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик музейи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Тарийх ҳәм мәденият мәмлекетлик музейлери арасында бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойылды. Тәреплер буннан былай еки халықтың мәдениятын ғалабаластырыў бойынша қаратылған шерикликти раўажландырыў режесин додалады. Усыған мысал ретинде Қазақстан Республикасының «Хабар 24» телеканалы Мойнақ районының туристлик потенциалы ҳаққында репортаж түсирип, эфирден кѳрсетилди.
Усы жылдың 15-ноябрь күни Нѳкис қаласында жайласқан «Ашшы кѳл» бойында «Қарақалпақ этно аўылы» туристлик объектиниң салтанатлы ашылыў мәресими болды. Илаж даўамында ѳнерментшилер кѳргизбеси, миллий тағамларды таярлаў
бойынша шеберлик сабақлары, миллий липаслар кѳргизбеси ҳәм де фольклор атқарыўшыларының қатнасыўында концерт бағдарламалары қойып берилди. Буған кѳп санлы қарақалпақстанлылар менен бирге шет елден келген туристлер де қатнасып, қарақалпақ халқының басқа халықлардан айрылып туратуғын дыққатқа сазаўар мәдениятын кѳрип, таң қалысты.
Буннан басқа да, мәселен жақында пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы кѳркем ѳнер музейи бир қатар хызметкерлери Франция республикасының Париж қаласындағы Лувр музейине кѳргизбеге қатнасып қайтты. Елимиздиң бай тарийхы жылына 10 миллион турист келетуғын дүньяның ең ири кѳркем ѳнер музейлериниң бири болған Лувр музейинде «Саҳрадағы Лувр» атлы экспонатларын кѳргизбеге қойып, келип тамашалаўшылардың миннетдаршылық, алғысларына еристи.
Бизиң журтымызда ески қорғанлар, зыярат орынлары, белгили тулғалар жасаған мәканлар ҳ.т.б. дыққатқа ылайық шарапатлы орынлар жүдә кѳп. Тек оларды реставрациялап, туристлик объектлерге айландырыў зәрүрлиги көлденең мәселе болып тур. Солай болса да «Жоқтан жонып» дегендей қолда бар имканиятлардан илажы болғанынша пайдаланып, соншама ислерди бежерип атырған Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң жуўапкерли хызметкерлерине тәсийин айтпасқа илаж жоқ. Оларға рахмет. Қарақалпақстанды шет еллерге кең түрде таныстырып атыр.
Булар туўралы, яғный министрлик тәрепинен исленип атырған илаж ҳаққында Ѳзбекстан телевидениесиниң «Modaniyat va márifat» телеканалының «Yol boylab» көрсетиўинде, «MY 5» телеканалының «HUDUD» бағдарламасында, «Dunyo boylab»телеканалында, «Янгилик-24» бағдарламаларында елимиз аймақлары бойлап, бир қанша туристлик объектлери сүўретке алынып, жәмийетшиликке кѳрсетилди. Буннан тысқары туризм бойынша халықаралық экспертлер Қарақалпақстанға келип, туризм бизнеси, гид-жол баслаўшылар ҳәм басқа да темаларда семинар-тренинглер ѳткермекте.
Мине, усылардың ҳәммеси тек быйылғы жылы әмелге асырылған жумыслар. Ҳақыйқатын айтқанда быйылғы жыл Қарақалпақстан туризми ушын әўметли жыл болды, десек қәтелеспеймиз.
Бизиң елимиздиң мәдений үрп-әдет, дәстүрлерин дүнья бойлап үгит-нәсиятлаўға белсене ат салысып атырған Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигине пүткил Қарақалпақстан жаслары атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
