Халқымыздың ҳәр бир шаңарағында кемпир апа ҳәм аталар ҳүрмет-изетте. Тѳримиздиң жарасығы болып отырған ақ сақаллы аталарымыздың ақ пәтиясы ҳәр биримизге үлкен мәдет береди. Олар бар шаңарақтың пайызы ѳзгеше.
Тақыятаслы Яўмытбай ата Худаяров быйыл 91 жасты қарсы алмақта. Ол 35 жыл бир орында жемисли мийнет етип, ҳүрмет-итибарға ерискен үлгили инсан. Сол
ўақыттағы үй-жай қурылысы кәрханасында тракторшы, соң қурылыс прорабы болып кѳп ғана ийгиликли ислерге ѳзиниң ылайықлы үлесин қосты. Ѳмирлик жолдасы (марҳум) Сапаргүл Бахытжанова менен сегиз перзентти тәрбиялап ѳсирди. Перзентлери жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында оқы

п, билим алып, бүгин жәмийеттен ѳз орынларын тапқан, ҳәр бири белгили кәсип ийелери.
Яўмытбай ата бүгин перзентлери ҳәм ақлық-шаўлықларының ардағындағы бахытлы елдиң бахытлы нураныйы. Тақыятас қаласындағы 6-санлы МПЖ ның жасы уллысы. Мешит-қәўимниң той-мерекесинде жарасықлы орнына ийе Ҳажы ата. 2015-жылы Тақыятас қаласы ҳәкимиятының қоллап-қуўатлаўы менен мусылманшылықтың бес парызының бири болған муқаддес Ҳаж сапарына барып келди. Жаратқаннан ел-халқымызға аманшылық, тыныш-татыўлық ҳәм мол ырысқы несийбе тилеген дуўалары илайым, қабыл бола бергей. «Жақсы нийет-ярым ырыс» дейди дана халқымыз.
– Жаңа 2023-жыл-Ҳәммеңизге қутлы болсын. Ѳмир жасыңыз узақ ҳәм денсаўлықларыңыз беккем болсын. Жумысларыңыз табыслы
болып, берекетин берсин. Дәрьямыз суўға толғай, дәнимиз кѳп болғай. Беккем аўызбиршилик ҳәм татыўлықтың арқасында елимиз гүллеп-раўажлана бергей. Мийрим-шәпәәт ҳәм сабыр-қәнәәт пенен бахытқа бѳлене бергейсиз, – дейди Ҳажы ата.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.
