БАЙРАМ, БАЙРАМДАЙ БОЛСЫН…

Жыл кесиспесинде жыл мен ушын қалай жуўмақланып атыр? Ойланып отырсам, қол телефоныма қоңыраў келип, қыялларым серпилди.
– Жумысыңнан шығып, қалаға бар. Жылдағыдай жаңа жылда анамыздың жағасын жаңартып, қуўантайық, енди қалған бир анамыз, жылда әкемиз бенен ойласып не алайық, не жейсең? – деп отыратуғын әкемиз де жоқ….
Бул сѳзлерден тығылып, ѳксиндим, ишки ҳәўиримди шығарып ѳзимди босаттым ҳәм әдеўир жеңилленип, қалаға шықтым, бираз араладым.
Мен де не қыял, басқа да не қыял деймен, ѳзимнен ѳзим бир келиншектиң сѳзинен ойларым бѳлинип.
– Ҳе, ертең қонағың барма?
– Яғаў, бир байрам деп бир айдан бери тасып атырман. Еки блок суў алдым кѳтергенимше. Ертең басқа затларын аламан, – дейди базарлық қылып жүрген жас ғана келиншек.
– Аўа да байрам байрамдай болыў керек ғой…
Бүгин емес, ертең аларман, сонда да бир кѳрип кетейин деп мийўе-жемислердиң баҳаларын сорадым. Бир күн бурынғы бахалар «аспан»ға шығыпты.
– Помидор-қыярың қанша, помидор 25, қыяр 35 мың. Неше сум дейсең, деген даўысым қаттырақ шығып кетти ме – дедим – апа, байрам жақын, затларымыз жақсы ѳтип тур, баҳаларын кѳтеремиз дә, – дейди жап-жас ғана сатыўшы қыз.
– Аўа-дә биреўлердиң қыялларындағыдай ақшаны жерден терип алып атырған жоқпыз, – деп наразылық түр кѳрсеттим.
– Маршрутлы такси аз, урылып-соғылып зорға минесең, бир мәрте қолланатуғын пакетлердеги затлар шашылып, үлкен тоңқылды менен машынға минген жолаўшы апа: «той-тойдай болсын» деп байрам дастурханына тасып атырғанымыз. Буның да «уўы» шығып, күннен-күнге затлар қымбатып баратыр. Обалымыз жоқ, ѳткен жылы да қоңсымыздың ешки-ылағы рәҳәтти кѳрип еди. Бәри ашып кетти.
– Аўа-дә, апа, бизде келиниңиздиң тапсырмасы менен базарлап киятырғанымыз – деди екинши бир жас жигит сумкасындағы затларды кѳрсетип.
– Адамларға ҳайран қаламан. Жылда жаңа жылда усы жағдай. Сумка-сумка азық-аўқат. Жолда жүрген соң кѳп ғана ўақыяларға гүўа боламыз. Байрамды ѳткерип болып, ѳкинип жүргени, ысырапкершиликтен ѳзимизди тыя алмаймыз…
Бәндиргим де түсип қалып, үйге жақынлассам, тез жәрдем машинасы тур. Қорқып кеттим. Жуўырып барсам, тез жәрдемде ислейтуғын қоңсы бала екен. – Ҳе, ким аўырған?
– «Басланды» апа.
– Не «басланды?».
– Байрам. Ақлығы анаў-мынаўды араластырып жей берген. Қайтарып атыр, деп шақырыў берген, келдик, шыпакерлер кѳрип атыр…
Әне, саған байрам. Күнделикли аўқатланыўдың тәртибин бузып, күшли аўқатларды мазалы затлар менен араластырып қабыллаў арқалы денсаўлығымызға зыян жеткеремиз.
Қәдири бәлент қәдирданлар. Байрамды байрамдай ѳткериў ѳзимизге байланыслы емес пе? Денсаўлығымызға итибарлы болып, ертеңги күнимизди де ойлайық. Биреў келсе, дастурханымызға күледи деп емес, шаңарағымыз, жақынларымыз деп байрам дастурханын жаяйық. Елимизде байрам да кѳп, тойда кѳп.
Ҳүрметли Елбасшымыз жылға «Инсанға итибар, сапалы билимлендириў жылы» деп атама берди. Ѳзимизден келип шығып, имканы болғанша әтирапымыздағыларға итибар қаратайық, инсаныйлығымызды билдирейик, әзизлер. Босағамыздағы жыл, елимиз ушын жақсы жыл болып келгей. Ҳеш ким қапашылық кѳрмегей, зор денсаўлығының арқасында байрамды байрамдай ѳткериў ҳәр биримизге несип еткей.
Жаңа жылыңыз бенен қәдирли дослар!
Зибира АБДИНИЯЗОВА.