ОЛАР ӘЙНЕ БЕСИНШИ МӘЎСИМИНДЕ

Ким биледи биз ҳәзир қайсы мәўсимде жасап атырмыз? Бәҳәр, жаз, гүз, қыс. Төрт мәўсимди атма ат айтып өтиў аңсат. Ал анығына келсек бесинши мәўсим бул кеўлимиздиң төриндеги еле ҳеш кимниң нәзери түспеген пасыл.
Сағынбай менен Гүлнара. Олар ҳаққында шын ҳақыйқатты айтыў ҳуқықы тек өзлерине ғана берилген. Ал халықтың арасында мухаббат бул ески нәрсе бирақ оны ҳәр бир жүрек жаңартады деген қанатлы сөз бар. Демек, төрт пасылды жаңартыўшы бесинши мәўсим –бул мухаббат ҳәм дөретиўшилик мәўсими.
Сағынбай ҳәм Гүлнара менен бирге өткизген демлеримиз жылдың төрт мәўсиминдеги дослық шәмениндей қулпыра баслайды. Бул жыллар перзентлеримиз бенен ақлықларымыз ушында сол мәўсим жемислериндей таңсық ҳәм қәдирли.
Журналистиканың жазылмаған қағыйдасы бар. Газета –журнал ҳәм китаплардың оқыўшысы, ал радионың тыңлаўшысы бар, оқыўшысы болса оның редакторы деп билип, еситтириўлерди алып барғанда мине усы қағыйдаға сүйенер едик.
Жақында радиодан шәкиртлеримниң бири қоңыраў етип:
– Рысгүл апа, достыңызды студияға шақырып берсеңиз, қосықларын өз даўысы менен жазып алмақшы едик деп қалды. Мениң жақын дөретиўши досларымнан хабардар болған кәсиплес шәкиртимниң белгили шайыр, жазыўшы ҳәм аўдармашы, «Шухрат» медалының ийеси, Қарақалпақстан Жаслар Аўқамы сыйлығының лауреаты, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы Сағынбай Ибрагимовты излеп атырғанын дәрҳәл-ақ түсиндим. Қыялымда өткен әсирдиң 80 –жыллары Сағынбайдың «Бесинши мәўсим» қосықлар топламы тийкарында таярлаған қатар әдебий еситтириўлерим, «Поэзия минутлары»нда өзим оқыған оның қосықлары ядыма түсти. Сағынбайдың дөретпелериндеги тийкарғы өзгешелик руўхый еркинликтен ибарат болып, әдебий ашылысыў деп тән алынған қатарларды оқыў арқалы өзимде радио тыңлаўшылар менен сәўбетлескендей, дәртлескендей болар едим. Ең баслысы шайырдың дөретиўшиликтеги өзине тән болған усыл, новаторлық, жаңаша пикирлеў, формалық изленис руўхый еркинликтиң наласы, тилеги еди.

Сағынбай Ибрагимовтын «Мөжене өшиккен шаңғалағына» деген қатарында дәўирдиң галареясы көз алдыңа келди. Тағы да шайыр өз пикирлерин ашық баян етип, жәмийетлик дүзим ҳаққында: «Тарийх наданлардың халықтың исенимин ийелей алған пайытларын көп көрген» деген терең философиялық пикирлери оқыўшыға ериксиз ой туўдырар еди. Тағы да:
«Сораўлар, сораўлар, сораўлар…
Соралмаўы керек сораўлар…
Ҳәсиретли сораўлар…
Бийорын сораўлар…
Мениң жүрегимди қан жылататуғын сораўлар…»
Шайыр қосықларында сол дәўирдеги қатаң сиясат, күшли идеология басымы астындағы жәмийеттиң қай аўхалда екенлигин ашып бере алған еди.
Сондай-ақ:
«Дәрья, сен Жердиң рабайына бақпай аға аласаң ба?
Сениң шыңларға қарай ағып баратырғанлығыңды көргим келеди, Сениң Жердиң ойлы бәлентлиги менен санаспай ағып баратырғаныңды көргим келеди,
Дәрья, сен тартылыс нызамына бойсынбай,
Мениң ерким менен аға аласаң ба?»
Бул қатарлары арқалы шайыр кеўил кеширмелерин мәўижли дәрьядай еркин баян ете алған. Бул ҳәр бир оқыўшы ушын да зәрүр ҳәм әҳмийетли. Сонлықтан болыўы итимал шайыр қосықлары тек қағазда қалып кетпестен тиллерден тиллерге, кеўилден кеўилге көшкен бийбаҳа сезимлер болып, оны оқыўдың өзи кеўиллерге қанат берип пәрўазға шақырар еди. Ал автордың ойларын түсиниўдиң өзи жаңа бир дүнья болып табылады.
Сондай –ақ Сағынбай Ибрагимовтың аўдармаларынан жасларға арналған еситтириўлер арқалы тәлим тәрбиялық бағдардағы Саадий Шеразийдиң «Гүлистан» шығармасын, Абайдың қара сөзлерин еле баспа сөзде жәрияланбастан алдын эфир арқалы халқымызға жеткизгенимиз үлкен жаңалық болды. Бул мийраслар шығысқа тән миллий қәдириятларымызды тиклеўдеги инсаныйлық пазыйлетлерди аңлаўдағы батыл қәдемлер болғанлығы ҳақыйқат…
Телефон қоңыраўынан кейинги ойларым Сағынбай Ибрагимовтың бүгинги дөретиўшилиги менен ушласты. Оның «Таңламалы шығармалары», халқымыздың этнотарийхы менен байланыслы «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» туўралы толғаныслары жәмийетшилигимиз нәзерине түсип дыққатын, ой өрисин қәлиплестириўши интеллектуал мийнетлердиң бирине айналды. Жазыўшының жаслық сезимлерден ибарат «Сентябрдиң соңғы күнлери» повесть ҳәм гүрриңлери, «Брно дәптери» саяхатлардан дөрелген жаңа китаплары әдебиятымыздың бүгинги жетискенлиги.

Соның менен бирге Сағынбай Ибрагимовтың өмирлик жолдасы, 60 бәҳәрин белгилеп атырған жазыўшы, дилмаш, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы Гүлнара Ибрагимова ҳаққында да айтқым келеди.
Ғалаба хабар қураллары ишинде радио өз дәўиринде оперативлилиги менен ажыралып турар еди. Мине, усы көз қарасқа сай жас жазыўшы, шайырларымыздың жаңа дөретпелеринен тыңлаўшыларымызға таныстырып барыўды дәстүрге айналдырған едик. Гүлнара Ибрагимованың қәлемине тийисли турмыстың ҳәр қыйлы тараўынан алып жазылған публицистикасы менен гүрриңлерин студияда оқығанман, қаншадан –қанша радио ықласбентлеринен хатлар алғанбыз. Көркем сөздиң, әдебияттың күш қүдиретине, әҳмийетине халқымыздың қаншелли дыққатлы, жетик екенлигин аңлағанман.
Гүлнара менен жеке сәўбетлерде бахытты, бахытсызлықты, турмыстың ашшы душшысын айтысқан пайытларымыз көп болған. Ол ерксиз кеўил гилтин усынып, көкиреги толып тасып қуўанышыңа қуўаныш косады. Сондай ўақытларында таң шуғласындай күлгенинде жүреги тамағынан көрингендей болады. Бизиң Сағын, бизиң Сағын, улым, қызым, ақлығым дегенинен бүгин достымның шексиз бахтыярлығын сезинемен.
Бахытсызлық… Жаслай анамнан айырылып қалған күним еди. Он үш жасымда, ең кишкенемиз еки жаста едик деп қамсығады. Қорқынышлы нәрсе не деген сораўға «Мухаббат инам еткен қуўанышты сезбеген кимселер» дейди. Өмирде өз көз қарасына ийе бундай жигерди қай жерден таптың Гүлнара дегенимде, турмыстың өзинен, китаплар ҳәм билим арқалы дейди…
Мектепте оқып жүрген күнлеримде кеўлиме түйгенлерим қағазға түсип баспа сөзде туңгыш мәрте жарық көриўинде белгили Қарақалпақстан халық жазыўшылары Алпысбай Султанов пенен Кеңесбай Алламбергеновтын әдебий дөгерегине қатнасып алған сабақларым маған қутлы қәдем болды. «Мен аўыл баласыман» атлы көлемли мийнетим «Жеткиншек» газетасында жарық көрди…

Автордың бүгинги күни балаларға арналған дөретпелери менен дүнья әдебиятынан аўдармалары өз алдына китап болып оқыўшыларға жетип барды.
Жазыўшы Гүлнара Ибрагимованын оқыўшыға ой салатуғын толғанысларға толы әдебий дөретпелери «Лабиринт», «Мухаббат қосығы» топламларына енгениниң гүўасы болып отырмыз. Достымның китапларын оқыў арқалы, өз өмириңе нәзер таслағаныңда ғана шебер дөретиўши болыўың мүмкин деген пикирлер қыялымнан кешти.
Ҳәммеге мәлим «Лабиринт» әййемги юнонлардың қыйыр –шыйыр жасырын жолларынан ибарат көп бөлмели әпсанаўий үлкен қорғаны. Гүлнара мине усы әдебий қорғанға кирип шығатуғын жолды өзи излеп тапты.
Әпсаналарда баян етилгениндей өлимге ҳүким етилген Тесей баҳадырға Ариадна жәрдем қолын созып өткир қанжар менен бир доғалақ жип береди. Лабиринтке кирген Тесей доғалақланған жиптиң бир ушын қорған есигиниң тутқасына байлап, изине қайтарда адаспаў ушын доғалақ жипти жаздырып бара береди. Усы жиптиң жәрдеминде Лабиринттен жол таўып шығады. «Ариадна жиби» яғный «Жол силтеўши жип» усы әпсанадан келип шыққан. Гүлнара Ибрагимова мине усы жипти жаздырмай беккем услап китап оқыўшыларына инам еткенлиги әдебий жөнелистеги жаңалығы деп ойлайман.
Жазыўшы дөреткен қаҳарманлар жүрегиндеги шақырық бизди ийгиликли ислерге руўхландырады. Әййемги данышпанлардың айтқанындай: «Дүньяны өзгертемен деген адам, әўели өзин өзгертиўи керек». Шынында да ҳәр бир адам миллети, халқы, Ўатан тәғдирине жуўапкер екенлигин сезинип жасаўы бизиң ығбал бахтымыз емес пе?!
Заманласларымыз Сағынбай Ибрагимов пенен Гүлнара Ибрагимова дөретпелерине бүгин бир нәзер салып, ким биледи биз ҳәзир қайсы мәўсимдемиз деп кеўил кеширмелеримди баян етиўге ҳәрекет еттим. Олар ҳәзир әйне Бесинши мәўсиминде. Исенемен, бул пасыл тағы да өз жемислерин берери анық.
Рысгүл Жумабаева,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.