ЖАҢА ЖЫЛ ҲӘЗИЛЛЕРИ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРИ
АХМЕТ НАРЫМБЕТОВҚА

Мектебиңниң еденлери айнадай,
Президент ғамқорлығы қайнақай.
Ҳәмме нәрсе пискен астай тап-тайын,
Жутыў ғана қалып турғой шайнамай.

Белгиленди жаңа жылдың мақамы,
Жас әўладқа билим бериў сапалы.
Жасларымыз елдиң атын шығарып,
Бола берсин билимданлар ўатаны.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
СТАТИСТИКА БАСҚАРМАСЫ БАСЛЫҒЫ
ТЕМИРБАЙ ҒАНИЕВКЕ
Туўылғалы миллионыншы Азамат
Кѳп жыл болды, айтылмады таза гәп.
Тарийхшылар қарақалпақтың тарийхын,
Еки миллион болғаннан соң жазажақ.

Егиз бала туўылса ғой сол күни,
Нийет еткен шегимизден озажақ.
Умыт болды «шаңарақты ретлеў»,
Кѳп туўғанға қой дейтуғын хожа жоқ.
«Аз халық» деген сарсылдырды қулақты,
Кѳбейтпесең қосып жазыў болажақ.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАСЛАР ИСЛЕРИ АГЕНТЛИГИ БАСҚАРМАСЫ БАСЛЫҒЫ ПОЛАТ МАҚСЕТБАЕВҚА
Газетамыз басы менен ғай болып,
Жүргенин умытты хатамтай болып.
Жетегиңде дүркин-дүркин жаслар бар,
Бермейсиз бе топарына пай бѳлип.

«Жазыўға мәжбүрлеў жоқ» дегенге,
Мәс боламыз бир күн тойып жегенге,
Ертеңги күн руўхый аш қалмайық,
Айтың соны жоқарыдан тѳменге.

ГАЗЕТА ЖАНКҮЙЕРЛЕРИ КѲБЕЙСИН ЕРНАЗАРОВ,
БАХЫТЛЫ САРЫБАЕВЛАРҒА

«Жалғыз аттың шаңы шықпас» деген бар,
Қәне, соны уқса ҳәмме адамлар.
Келмеспе еди газетаның ҳәр саны,
Киоскада туратуғын заманлар.
Күйип-писпей халықтың ғамын жемейсең,
Жақсы болыў ушын жанды егейсең,
Бахытлыдай жаслар ѳсип жетилип,
Газетқумар кекселер де Кѳбейсин!

ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИКУНИВЕРСИТЕТИ РЕКТОРЫ АХМЕТ РЕЙИМОВҚА

Университет – билимлердиң кәни ол,
Имараты Нѳкисимниң сәни ол,
Тесттен ѳтип келе берсин тум-тустан,
Ѳзбекстан ВУЗ ларына жары бол.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
АВТОМОБИЛЬ ЖОЛЛАРЫ БАС БАСҚАРМАСЫ БАСЛЫҒЫ МЕДЕТ АЛЛАМБЕРГЕНОВҚА

Кеўлиң тасар даңғыл жолға келгенде,
Толы кесаң шайпалмаса жүргенде,
Атқан оғы ҳаўаға бос кетпестей,
Селкилдиси сезилмесин мергенге.
Айдаўшылар сезбей жолдың тегисин,
Мертик алып қатнамасын ем ушын,
Кѳз тиймесин, быйылғы жыл бирақта,
Асфальтладың кѳшелердиң кѳбисин.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘҲӘЛЛЕ ҲӘМ
НУРАНЫЙЛАРДЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАЛАЎ МИНИСТРИ
САҒЫНДЫҚ ТУРМАНОВҚА

Қараўыңда есап-сансыз мәҳәлле,
Кеш қайтасаң жолға шығып сәҳәрде,
Бирақ, енди шифери жоқ жайларды,
Қыста емес, кѳриў керек бәҳәрде.

Үш әўладтың басын қосып Турсынбай,
Кѳринбесе ҳәмме тәреп тыр-тымдай,
«Ғамқорлық» деп жаман жайды кѳрсетпең,
Қаражанның кѳшип кеткен журтындай.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАР БАСҚАРМАСЫ БАСЛЫҒЫ АЗАМАТ ДӘЎЛЕТОВҚА

«Ал бардым!
Қақ басыңды қақ жардым!»
АЖБ ны оқысам,
Соны еслеп таң қалдым!
«Ыссы ҳаўа Ираннан,
Суўық ҳаўа Уралдан»…
Бизиң елдиң ҳаўасы,
Неше елден қуралған?