Ҳәр бир инсан дүньяға келер екен, келешекте жақсы инсан болып жетилисиўи ушын ата-анасы мектепке оқыўға алып барады. Мектепте оқып билим, тәрбия алады. Үлкейген сайын китап оқыўға деген қызығыўшылығы артады. Китапханаларға барып китаплар оқыйды. Дана халқымызда нақыл бар «Ертеклер жақсылыққа жетеклер» дегениндей ҳәр түрдеги китапларды оқыйды. Ѳзине қаҳарман сайлайды ҳәм унатқан жазыўшысы болады. Китап оқыў инсанға руўхый заўық бағышлайды. Дүньяға болған кѳз-қарасы ѳзгереди, билими асады. Китап оқыў инсанды жақсы жолға, жақсылыққа жетелейди. Сонлықтан да журт басшымыз Ш.Мирзиёев айтқанындай: «Бүгин бир китап оқыған бала, ертең телевизор кѳрип отырған он баланы басқарады» дегениндей бүгин бир китап оқысақта ертеңги келешегимизге соншелли пайда болады.
Бизиң мектебимизде де китапқумарлар таңлаўы ѳткерилип келинбекте. Бул таңлаў басқа жарыслардан ѳзгеше әҳмийетке ийе. Таңлаў арқалы кѳплеген китапларды қайтадан кѳзден ѳткерди. Жаңа китаплар менен жақыннан таныстық. Китаплар ҳаққында еркин пикир алыстық. Және де жаңа мағлыўматларға ийе болдық. Ең әҳмийетлиси, кѳркем шығармалар қаҳарманлары ҳәм олардың басынан кеширген ўақыялары арқалы дурыс ҳәм қәтени түсиниўге ҳәрекет еттик. Ѳзимиз жуўмақ шығардық.
Әне, китап оқыўдың әҳмийети соншелли үлкен. Ата-бабаларымызда бийкарға айтпаған – «Китап адамның ең жақын досты» деп. Шынында да китап адамның ең жақын досты. Сен оннан қанша мағлыўмат алсаңда ол сеннен ҳеш нәрсе сорамайды. Китап оқыўдың адам ушын пайдасы көп.
Зульфия ТѲЛЕБАЕВА,
Кегейли районы, 33-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы.
