Мәмлекетимизде белсенди раўажланып баратырған демократияластырыў процеслерин инабатқа алған ҳалда миллий нызамшылық және де жетилистирилмекте. Солардың ишинде, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларға қараслы нызамшылық заман талапларына муўапықластырып атырғаны инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин изшил қорғаўға хызмет қылады.
Бүгин журтымыздың мәмлекет басқарыўы системасын түптен ҳәм модернизация қылыў бойынша ашықлығын тәмийинлеў ҳәм де мәмлекет хызмет кѳрсетиў системасын жетилистириў мақсетинде электрон порталлар ҳәм мағлыўматлар базалары жаратылды. Рухсат бериўши ҳүжжетлер ҳәм де лицензия алыўын әпиўайыластырыў ушын арнаўлы веб-сайтлар иске түсирилди.
«Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызам усы машқалаларды системалы шешкен ҳалда, хызмет кѳрсетиўши ҳәкимият органлары искерлигиниң әдалатлылығы ҳәм де ашықлығын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ахборот усыныс етиўдиң заманагѳй кѳринислерин жәриялаў, жәмийет ҳәм де бизнес пенен ѳз-ара келисим қылыўда артықша ҳәкимшилик сарп-қәрежетлерге шыдам бериў имканын жаратты. Нызам әмелиятқа қолланыўы менен мәмлекет хызметиндеги ѳзбасымшалық, қалыс қылыў, коррупция ҳәм басқа унамсыз ҳалатлар кемейеди ҳәкимшилик процестиң әдалатлылығы тәмийинленеди.
Мәмлекетимизде инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери субъектлери ҳәм жәмийет шѳлкемлериниң нызамлы мәплерин тәмийинлеўге тийисли ҳуқықый тийкарлар жаратылған. Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў бойынша мәмлекет органлары ҳәм жәмийет ҳәм шѳлкемлердиң искерлиги нызам ҳүжжетлерине сәйкес рәўиште жолға қойылған.
«Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызам норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм қабыл қылыў, салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тѳлемлерди ѳндириў, мәмлекет хызметин ѳтеў, сайлаўлар ѳткериў, қорғаныў, жәмийет қәўипсизлиги ҳәм ҳуқық-тәртип тараўында, сондай-ақ оператив қыдырыў искерлиги, сорастырыў, дәслепки тергеў, жынайый мәжбүрлеў илажларын қоллаў менен байланыслы болған басқа искерлиги, суд исин жүритиў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди жүритиў тараўында жүзеге келетуғын мүнәсибетлерге қарата қолланылмайды.
Нызамға көре, арнаўлы ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды белгилеўши нызам ҳүжжетлери физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳалатын жаманластырмаўы кереклиги белгиленген.
«Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамда ҳәкимшилик ҳүжжетлерди қабыл қылыў процесин стандартластырыў ҳәм жеңиллестириў арқалы мәмлекет органларының пуқаралар ҳәм шөлкемлер менен болған мүнәсибетлери нызамлылығын тәмийинлеў ҳәм әдалатлылығын асырыўға итибар қаратылған. Заманагөй технологиялар тийкарында мәмлекет хызметлерин және де сыпатлы көрсетиў ушын имканиятлар жаратыў, ҳәкимшилик тосық ҳәм шеклеўлерди жоқ етиўге кең имканиятлар жаратады.
Ш.ЕРЛЕПЕСОВ,
Қараөзек районы, Әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.
