МИКРОБ, ВИРУС, БАКТЕРИЯ:

айырмашылығы қандай?

– Бизди қоршап турған орталықта көзге көринбейтуғын микроорганизмлер оғада көп. Оларды медицинада микроб, бактерия ҳәм вируслар деп атайды. Олар, әдетте кеселлик қозғатыўшылар болып, ҳәр бири ҳәр қыйлы формаға ийе. Микроб ямаса микроорганизмлер – қуралланбаған, көз бенен көриўдиң илажы жоқ, жүдә киши өлшемдеги тири организмлер комплекси. Яғный, барлық кеселлик қозғатыўшы микроорганизмлер (микро грек тилинде «кишкене» деген сөзди аңлатады) медицинада микроблар деп аталады. Оларға бир ямаса көп клеткалы кеселлик қозғатыўшы микроорганизмлер киреди. Олардың ең тийкарғылары бактерия ҳәм вируслар есапланады.