Кеўил-бир ўақытлары аспандай кең, бир ўақытлары ийнениң ушы сыймастай тар. Ѳмирде жақынларымыздың ата-ана, апа-сиңли, аға-ини, досларымызға аўыр сѳзлер айтып кеўиллерин аўрытамыз. Ал, сүўреттеги сынық ыдыс, белинен қызыл жип менен сынған бѳлеклери қурастырылып байланған.
Бул мен? Кеўлиме ҳәммеден де жақын кѳретуғын, күлкиси мени дүньяларға сыймастан қуўандыратуғын ѳмиримниң мазмунына айланған инсанның маған қылған ислеринен сынған кеўлим.
Ўақыя былай болды, елимизге гѳззал бәҳәр мәўсими кирип келип, байрамлардың изи бир-бирине жалғасып атыр. Әсиресе, Наўрыз байрамы халқымызды қуўанышқа бѳлеп, мусылманлардың жаңа жылын баслап берди. Сондай күнлердиң биринде мен сол сүйген инсаным менен ортамызда жәнжел шықты, биразға барысып қалдық. Түн. Саат тиллер арқаға айланса қәне еди, бәлким бул ашшы сѳзлер айтылмас па еди?!
– Яқ ўақыт пәт менен ѳтип, календарьдың кейинги сәнесине де нәўбет жетип келди. Бизиң урысымыз тоқтамас, найзадан оқ атылғандай айтып атырған сѳзлеримиз қулақтан кирсе де жүрегимизге қәте кетпей туўры барып урылып атыр. Мениң кѳзлеримде жас, сѳйлеўге ҳаўа жетиспей қалғандай қыйналаып, гәплерим бѳлинип-бѳлинип зорға шығады.
«Еркекпен сен маған булай сѳйлеме» – деди ол. Сонда мен жас толған кѳзлеримди ашсам қолы мениң кѳзлеримдеги жасты артыўға емес, бетиме шапалақ урыўға тайын тур. Мен ушын қандай жеркенишли ҳәдийсе. Себеби, бул қоллар мени еркелеген, маған шийрин тағамлардан жегизген, самалда ушқан шашларымды сыйпалаған қоллар емес пе?
Исенигим келмес, бул қорқынышлы түс ҳәзир оянсам ѳтип кетеди деп ѳзиме-ѳзим жубаныш бергим келеди. Бирақ, бул ҳақыйқат, кѳзлерине тикке қарап «Ур, ур, неге тоқтадың?» деп бақырдым.
Урмады, бәлким оның тоқтаўына да ишиндеги бир күш себеп болған шығар, ол жағы маған қаранғы. Бирақ, мениң кеўлиме сол ыдыстағыдай сынық түсип болған, оның жүзине қарағым да, сѳйлегим да келмес еди. Усы күнге дейин болған жақсы күнлеримиз, муҳаббаытымыз мени сол қызыл жип сыяқлы байлап турады. «Ҳәмме нәрсени жипке дизген жаман болады» – деген гәп бар. Күнлер, айлар, жыллар ѳтип умытылып кетер. Умытылып кетиўин де ҳәм басқа бундай болмаўын да қәлеймен. Бул бес күнлик дүньяда бүгин бар адам, ертең жоқ болған ғәниймет ѳмирде кеўил сындырмай жасайық, әзизлер.
Умида МУСТАФАЕВА,
ҚМУ «Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика» факультети студенти.
