Баланың туўылғанлығын дизимге алыў

Жалғыз анадан дүньяға келген баланың туўылғанлығын дизимге алыўда жалғыз (нызамлы некеде болмаған) ана тәрепинен ПҲАЖ уйымына ананың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм усы көрсетпениң 12-қосымшасына муўапық жазба түрде арза бериледи.
Егер туўылған баланың анасы 18 жасқа толмаған болса, туўылыўды дизимге алыў баланың туўылғанлығы ҳаққында медициналық мағлыўматнама ҳәм де әмеңгерлик ҳәм қәўендерлик органының арзасына тийкарланып ананың жасаў орнындағы ПҲАЖ органы тәрепинен дизимге алынады. Бунда баланы туўған ананың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети ямаса туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығы менен бирге жасаў ҳәм оқыў орнынан сүўрети желимленген көринистеги мағлыўматлар берилиўи керек.
Жалғыз ананың арзасында ана ҳәм атаның фамилиясын бирдей етип – ананың фамилиясы бойынша көрсетилиўи керек.
Баланың фамилиясы болса ананың фамилиясы ямаса миллий дәстүрлерге бола ана тәрепинен атаның аты бойынша берилиўи мүмкин.
Туўылғанлық ҳаққында дәлалатнама жазыўын дизимге алыўда жалғыз ана өзи қатнаса алмаса ананың арзадағы қолтаңбасы медициналық мәкемедеги яки жазаны өтеў мәкемеси лаўазымлы шахсының қолтаңбасы ҳәм усы мәкемениң гербли мөри менен ямаса нотариал тәртипте тастыйықланған болыўы шәрт.
Арзаның жоқарысына оң мүйешине дәлалатнама жазыўы номери ҳәм сәнеси, берилген гербли гүўалық сериясы ҳәм номери жазып қойылады.
Жалғыз ана перзентиниң туўылғанлығы ҳаққында мағлыўмат жазыўы киргизилгенлиги ҳаққында усы Көрсетпениң 16-қосымшасына муўапық түрде мағлыўматнама бериледи.
Э.Алламуратова,
Қоңырат районы, Әдиллик бөлими 1-санлы ПҲАЖ бөлиминиң 1-дәрежели инспекторы.