Мәмлекетимизде жыл сайын жоқары лаўазымларда ислеўши ҳаял-қызлар саны артып бармақта. Бул бойынша 2019-жылдың 2-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Ҳәрекетлер стратегиясындағы басламасы әҳмийетли қәдем болды.
Нызамның мақсети ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм имкәниятларды тәмийнлеў тараўындағы мүнасибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.
Негизинде гендер теңлик, яғный еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар теңлиги инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири есапланады. Соңғы излениўлер соны көрсетип турыпты, бул фактор ең жоқары дәрежедеги экономикалық, социаллық ҳәм сиясий раўажланыўдың да негизи есапланады. Гендер теңлик – бул мәмлекеттиң демократиялық раўажланыў дәрежесин көрсетиўши индикатор.
Соны айтып өтиў керек, бүгинги күнде түрли дәрежедеги мәмлекет ҳәм жәмийет мәкемелери тараўында 1500 нан артық, сол қатарда министрлик ҳәм шөлкемлерде, жергиликли ҳәкимият уйымларында ҳаял-қызлар басшы лаўазымларда искерлик алып бармақта. Мәмлекет басқарыўында ҳаял-қызлар қатнасын асырыў мақсетинде 6 мыңнан артық белсенди ҳаял-қызлардан ибарат кадрлар резерви қәлиплестирилди. Ҳәзирги күнде оларды басшы лаўазымларға таярлаў бойынша системалы оқыўлар шөлкемлестирилип келинбекте.
Өзбекстан тәрийхында биринши мәрте миллий парламентте ҳаял-қызлар саны Бирлескен Миллетлер шөлкеми тәрепинен белгиленген усынысларға сай дәрежеге жетти. Мәмлекетимиз парламенти ҳаял-қызлар саны бойынша дүньядағы 190 миллий парламент ортасында 37-орынға көтерилди. Мәмлекетимизде исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызларды социаллық қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў барысында қосымша кепилликлер берилди.
Гендер теңликке ерисиў стратегиясына муўапық, узақ келешектеги мақсетли ўазыйпалардан келип шығып, гендер теңликке ерисиў бир қатар әҳмийетли тараўларда әмелге асырылады. Мәмлекет хызметинде, социаллық-экономикалық, шаңарақлық мүнәсибетлер ҳәмде балалар тәрбиясы тараўында, сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәмде имкәниятларды тәмийнлеў солар қатарында саналады. Сондай-ақ, стратегияда гендер теңликти тәмийнлеў иләжларын есапқа алып, мәмлекет дәстүрлерин бюджетлестириў ҳәм қаржыландырыў да көзде тутылған.
Стратегия мақсетлерине ерисиў мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий раўажланыўын тезлестириў, халықтың пәраўан турмысын жокарылатыўға, жәмийеттеги көп машқалаларды шешиўге, күнделик турмысымыздың және де жақсы тәрепке өзгериўине хызмет қылады.
Дәўлет ЕРЖАНОВ,
Шымбай районы, Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.
