Мақсет – ҳүжданлы ҳәм билимли жасларды тәрбиялаў

Журналист Орынбай Нарматовтың “Ҳүррият” газетасының 2023-жылғы 3-санында жәрияланған. “Өмиримизлиң мазмуны” атамасындағы мақаласында келтирилген қызықлы фактлер итибарымды өзине тартты. Соған шекемде баспа ҳәм басылымлардың жәмийеттеги тутқан орны ҳәм бүгинги күндеги жағдайы ҳаққында бирнеше мақалаларымыз да басылып шыққан еди.
Мағлыўматларға қарағанда 80-жылларда батыстағы еллердиң кең жәмийетшилиги арасында балалар ҳәм өспиримлердиң китап оқыўға болған ықласының төменлеп кетиўине байланыслы дағдарыстың жүз бергенлиги кеңнен додалаўға айланған екен. Буған китап оқыўға оғада аз ўақыт ажыратылғаны себепши болған. Германияда жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў бойынша телевидение ҳәм ғалаба хабар қураллары (ҳәзир сотка ҳәм интернет) жетекши орынға шығып кеткенликтен, китап оқыў екинши дәрежеге түсип, ҳәр үшинши бала функционал саўатсызға айланғаны анықланған.. Буны әпиўайы етип түсиндиретуғын болсақ, демек баладағы пикирлеў қәбилетиниң сайызлап кетиўи,бийпәрўалық кейпиятының күшейиўи, итибарсызлық иллетлери, ериншеклик ҳәм басқа да унамсыз белгилер көринис береди.
Францияда болса ҳәр еки баладан биреўи ”Үш мущкетор” дың авторының ким екенлигин айтып бере алмаған, ал. Англияда балалар есейген сайын китап оқыў дәрежеси төменлеп бара берген. Бизде ше, аўҳал буннан да төмен емес пе екен?… Мектепке барып берген социологиялық сораўнамаларым бойынша жоқары классларда отыз баладан еки-үш бала ғана китап оқыған болып шықты. Ҳәттеки, айырым классларда белгили жазыўшыларымыздан Ш.Сейтов пенен К.Мәмбетовтың ким екенлигин билмеўи не деген аянышлы жағдай еди. Мен буны биринши гезекте әдебият оқытыўшыларының бийпәрўалығы деп есаплайман. Себеби, И.Юсупов мектебиндегидей“ «ҳәптеде бир оқыўшыға бир китап оқыў дәстүри» емес, ал айында бир китапты бетлеп шықса да жетерлиеди. Буны сол жерле оқып атырған ақлығымның мысалындада жақсы билемен.
“Бизге билимли кадрлар керек”атамасындағы мақаламызда айтылғанындай “Шала саўат инженердиң көпири қулайды, шала саўат шыпакердиң кесели өледи”.
Буған бир ғана мысал, 80-жылларда АҚШ та өткерилген социологиялық изертлеўлердиң жуўмағында функционал саўатсызлықтың ақыбетинде мәмлекет 237 миллиард зыян көргени анықланған.
Солай екен миллий өзлигимизди аңлаў, жоқары руухыйлықты қәлиплестириў мақсетинде, оларды жақсы инсанлар етип тәрбиялаўда китаптың тутқан орны оғада уллы екенлигин бизлер де жақсы билемиз, бирақ көпшилигимиз буған әмел етпеймиз.
Жоқарыда атап өтилген кемшиликлерди жойыў мақсетинде Президентимиздиң тапсырмасы менен мектеплерде ислеп атырған дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшыларға үлкен ўазыйпалар жүкленди.. Ең баслысы жасларды ғалаба китап оқыўға қайтарыў. Усы мақсетте таңлаўлар өткериў дәстүрге айланбақта. Бул тапсырманы инабатлы орынлаўда газета-журналлардың да орны бир төбе. Негизинде китапқа болған ықлас басылымларды, яғный газета-журналларды оқыўдан басланады десек қәтелеспеймиз. Айрықша, дөретиўши оқыўшылардың шығармаларын күнделикли баспасөзде жәриялап барыў ҳәм китап етип басып шығарыў жолы менен оларға мотивация бериўдиң орны бир басқа. Бул ушын биринши гезекте өзлеримиз оқып, өзлеримиз газета-журналға жазылып бул ийгиликли иске ата-аналарды да тартыў мақсетке муўапық болар еди. Әттең, ҳәр биримиз перзентлеримиздиң ҳәм мәмлекетимиздиң келешеги тиккелей оқымыслы жасларымызға байланыслы екенлигин бирдей түсинип жете алса қәне еди…
Көбейсин Ерназаров,
нураный журналист.