Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп оқыўшыларының қызығыўшылығына қарай оларды кәсип өнерге бағдарлаў ҳәм турмысқа таярлаў мақсетинде мектеп жәмәәтиниң ҳәм де ата-аналардың қәўендерлигинде Кәсипке бағдарлаў ханасы шөлкемлестирилди.
Кәсипке бағдарлаў ханасында
қыз балалар тигиў-пишиў, пәзенделик, ер балалар қурылыс әсбап-үскенелери менен ислеў бойынша үйретилип атыр.
