БАСПАСӨЗИМИЗ МӘҢГИ ЖАСАҒАЙ!

Халықтыӊ жәмийетлик-сиясий, руўхый-мәдений турмысында баспасөздиӊ тутатуғын орны гиреўли. Миллий баспасөзимиз дерлик бир әсирден берли жаӊалыққа жаны қумар әдиўли ел-халқымыздыӊ руўхый шөлин қандырып, кеўил сарайын байытып, жәмийетлик көзқарасларын жетилистириў жолында минсиз хызмет атқарып келмекте. Ҳақыйқатында да, газета-журналларда пүткил бир миллеттиӊ, халықтыӊ тарийхы, мәденияты, арзыў-әрманлары, шешимин күтип турған машқалалары, күнниӊ еӊ әҳмийетли мәселелери сәўлелендирилип, мәӊгиликке мөрленип қалады. Сонлықтан да, басылымлардыӊ қәдир-қымбаты барлық дәўирлерде де жоқары болады деген пикирдемиз.
Бүгинги күнде елимизде газета-журналларға жазылыўшылар саныныӊ бираз кемейгенлиги тәшўишли жағдай. Не себепли бундай болып атыр екен, деген сораў көпшилигимизди ойға талдырады. Газета-журналларға мәжбүрий жазылыў тоқтатылғанлығы бәршемизге белгили. Айырым заманласларымыз әне усы пикирди айтып, өзлерин ақлағысы келеди. Басылымларға мәжбүрий жазылыў тоқтатылды дегени оларға пүткиллей кеўил бөлмеў керек дегени емес.
Баспасөзди үзликсиз түрде ҳүрмет пенен гүзетип барып, онда берилип атырған соӊғы жаӊалықларды, қызықлы мағлыўматларды талқылап, өз қатнасын билдирип барыўды мақул көретуғын зиялы инсанлар газета-журналларға жазылыў мәселесине де бийпәрўа қарай алмайды. Әлбетте, китапларды, басылымларды оқыў – кеўилдиӊ қәлеўи, ықласы менен байланыслы. Руўхый талаплардан келип шыққан ҳалда күнделикли басылымларды дыққат пенен бақлап баратуғын, жазылыў дәўиринде де белсендилик көрсетип, әтирапындағыларға үлги бола алатуғын заманласларымыз арамызда баршылық. Тилекке қарсы, баспасөзге немқурайды қатнас жасайтуғын, оған қызықсынбайтуғын заманласларымыздыӊ да ушырасатуғынлығы бас шайқатады. Ҳәттеки, жас әўладлардыӊ кеўиллерине зия нурларын таратыўдай ийгиликли ўазыйпаны атқарыўшы айырым муғаллимлердиӊ де газета-журналларға жазылмай қойғанлығын айтыўға қысынасаӊ. Гейбир кәсиплеслеримиз жумыс искерлиги менен байланыслы ҳалда мақала шығарыўға зәрүрлик туўылып қалған жағдайда ғана баспаханалардыӊ қай жерде екенлигин сорастырып қалады. «Сиз қайсы басылымларға жазылып, оқып барасыз?» деп сорасақ, жоқарыда атап өткен «мәжбүрий жазылыў тоқтатылғанлығын» тилге алып өтеди. Оқытыўшылар бундай пикирлерди айтып турғаннан соӊ басқа тараўда ислеп атырған кәсип ийелеринен өкпелемесек те болар. Гейпара мектеп китапханаларында қарақалпақ тилиндеги жергиликли басылымлардыӊ күтә аз екенлиги кеўилди қабартады. Усы орында айтып өтиўмиз тийис, баспасөздиӊ қәдирин тереӊ түсинетуғын, оларды үгит-нәсиятлаўдан ҳеш қашан шаршамайтуғын кәсиплеслеримиз де арамызда көплеп табылады, олар менен ҳақылы рәўиште мақтана аламыз.
Еле есимде, мектепте оқыған дәўиримизде класс басшымыз ҳәр ҳәптеде өтилетуғын тәрбия сабағында «Жеткиншек» газетасын оқыўшыларға бирме-бир көркемлеп оқыттырып, қандай тәсир алғанымызды еринбестен сорап, жақыннан сәўбетлесер еди. Бундай қызғын пикир алысыўлар, көркем оқыўлар арқалы көпшилик теӊлеслеримиздиӊ қәлбинде әдебиятқа, дөретиўшиликке деген меҳир оянып, ана тили сабақларында шығарма, баян жумысларын жақсы жазыўымызға, көзқарасларымызды емин-еркин билдириўге жол ашып бергенлигин атап өтким келеди. Усындай әжайып орталық себепши болып, қолым саўа ўақытларында ата-анамыз үйимизге алып келетуғын «Әмиўдәрья» журналын, «Еркин Қарақалпақстан», «Қарақалпақстан жаслары» газеталарын қунт пенен оқып барыўды әдетке айландырдым. Бүгинги күнде де оқыўшылардыӊ эстетикалық талғамын, көзқарасларын жетилистириў ушын жан ашытатуғын, биргеликте газета-журнал материалларын талқылайтуғын пидайы оқытыўшылар билим дәргайларында ислеп атыр, оларға шын кеўлимизден миннетдаршылық билдиремиз. Бирақ усылай етип жан күйдиретуғын қәнигелер саны соӊғы жыллар ишинде бираз кемейгендей сезиледи. Егер пикиримизде тийкарсыз айыплаўлар кеткен болса кеӊ жәмийетшиликтен кеширим сораймыз.
Биз бул мақаламыз арқалы кимлердендур кемшилик излеп, мин тағыўды мақсет етпедик. Тек ғана әпиўайы бир газета оқыўшысы сыпатында миллий баспасөзимиздиӊ узақ өмир сүриўин тилеп, базыбир бақлаўларымызды, кеўилге түйген сөзлеримизди баян етиўге умтылдық. Сүйикли басылымларымыз ҳәмийше өзиниӊ жақсы жаӊалықлары, қуўанышлы хабарлары менен пайызлы шаӊарақларыӊызға кирип барып, жүрек төриӊизден орын ала бергей!
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.