Жақында мектебимизде 1-март – Зульфия Исраилованың туўылған сәнесине бағышланған кеше болды. Байрам кешесине Қарақалпақстан халық шайыры Т.Қабуловтың қызы, «Ўатан пидайысы» кѳкирек нышаны ийеси, «Ғәрезсизлик ҳәм нызам» газетасының журналисти Миясар Қабулова қатнасты.
Кешени мектеп директоры А.Қощанова кирис сѳз бенен ашты. Соң мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими А.Бекполатова сѳзге шығып, шайыр ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Оқыўшылар тәрепинен Зульфия Исраилованың қосықларынан атқарылды.
Кеше мийманы М.Қабулова да барлық дѳретиўши ҳаял-қызлардың мақтанышы болған З.Исраилованың туўылған сәнеси ҳәм бәҳәрдиң биринши күни менен қызғын қутлықлады. Ѳз әкеси Т.Қабулов ҳәм анасы Ѳзбекстан халық муғаллими Р.Уснатдинова ҳаққында айтып берди. Соң ѳзиниң жеке дѳретиўшилик мийнет жолы менен жақыннан таныстырды. Оқыўшыларға ҳәм мектеп китапханасына китаплар саўға етти. Сондай-ақ, кеше байрамға арналып, таярланған қызлар арасында таңлаў менен даўам етти.
Байрам кешеси жүдә мазмунлы болды.
Шахноза АБУОВА,
Нѳкис қалалық 30-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы.
