Ҳәр жылы 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында үлкен бир жаңалық ҳәммениң қулағын ербеңлетеди. Яғный, бул хабар Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лаўреаты қайсы талантлы қызға несип етти екен?
Быйылғы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети кѳркем ѳнер факультети 3-курс студенти Ҳүрлиман Нийетбаева болды.
Ол Қараѳзек районында туўылған. Халқымыздың мақтанышлы ѳнери болған бақсышылық кәсибин даўам етип келмекте.
Билимли, излениўден шаршамайтуғын, дүнья қарасы кең дѳретиўши студент соның менен бирге инглис ҳәм рус тиллерин үйренип қосықла
р жазып турады.
– Ҳ.Нийетбаева 2020-жылы Қазақстан Республикасының Алма-ата қаласында болып ѳткен халықаралық «Грант-премиум» таңлаўында 1-орынды қолға киргизип, диплом ҳәм кубок пенен сыйлықланды. 2021-жылы «Жас бақсы жыраўлар» таңлаўының республика басқышында «Ең жақсы ҳаял бақсы ҳаўазы» номинациясы менен сыйлықланды. Ал, 2021-жылы Россияның Санкт-Петербург қаласында болып ѳткен «Виво вокал» халықаралық таңлаўында сыйлы 1-орынды ийеледи. Және усы жылы Москва қаласындағы болып ѳткен «Art music festival» ында 1-орын, II халықаралық «Бақсышылық өнери фестивалы» шеңберинде ѳткерилген бақсы жыраў атқарыўшылары таңлаўының республикалық басқышында белсенди қатнасыўшы болды. Ол 2022-жыл Россияның Ростов қаласында болып ѳткен халықаралық таңлаўда 2-орын ийеси. «Бақсы ҳәм жыраўлар» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында «Ең талантлы ҳаял бақсы» номинациясы менен сыйлықланды. Ол оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда барлық теңлеслерине үлги бола алатуғын жасларымыздан бири. Ҳүрлиман келешекте белгили кѳркем ѳнер ийеси ҳәм билимли жетик қәниге болып жетиседи деген үмитимизди бүгин және бир мәрте ақламақта, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы, «Муътабар ҳаял» көкирек нышаны ийеси, филология илимлери кандидаты, доцент Инжайым Сейтназарова.
Исми де Бердақ шайырымыздың қызы Ҳүрлиман бақсының аты менен атлас болған қызымыз Ҳүрлиманға Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық мүбәрек болсын, деймиз. Халқымыздың жүзи болып, дүнья сахналарында да қарақалпақ дуўтарын гүмбирлетип, ҳаўазыңыз жаңлай берсин, Ҳүрлиман.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.
