Сәлем нәўбәҳәрим, ел сүйген пасыл,
Аспаныў-заминди, тең сүйген пасыл.
Таңда қүдиретиңнен, оянып топырақ,
Ана жердиң көкси, доланды жасыл.
Тандырдың нан пискен, шоғындай лаўлап,
Ҳәр жүректиң төрин, аласаң жаўлап,
Сен оянып, оятасаң әлемди,
Сырлы жети реңнен, сулыўлық таңлап.
Төри ашық турған мийманларына,
Ҳәўлиси кең үйдиң дийўалларына,
Қарлығаш асығып, келер алыстан,
Садық ол, дослықтың алтын заңына.
Өпепек аралап, аўыл арасын,
Жамғыр шомылдырар, кийик баласын,
Бағларға сән берип, сайрайды бүлбил,
Толқытып инсанның, кеўил ханасын.
Сәўир самалына сүйдирип шашын,
Қуўанып көрисер, ашып қулашын,
Қызлар жәм болысып, жыйылса байрам,
Жигитлер ортаға таслар қурашын.
Раўаж Отарбаев.
