ЖАСЛАРҒА ЖАТАҚХАНА ҚУРЫЛЫП АТЫР

Бүгинги күнги заман талаплары елимизге келешек қурыўшылары болған ҳәр тәреплеме билимли, қәбилетли жасларды жетилистирип бериўди талап етпекте. Бунда тийкарғы жуўапкершилик жоқарғы оқыў орынларына жүкленетуғынлығы мәлим. Буның ушын оқыў орынларында билим алып атырған студент жаслар ушын барлық қолайлықлар жаратылған болыўы зәрүр. Заманагөй үлгидеги оқыў корпуслары, аудиториялар, хабар-мәлимлеме ресурс орайлары менен бир қатарда, ең әҳмийетлиси студентлер жатақхансы менен тәмийинлениўи болып табылады. Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент жаслары ушында қолайлылық жаратыў мақсетинде бир қатар қәдемлер тасланбақта. Яғный, филиал жанынан 300 орынлық жатақхана имаратының қурылыс жумыслары қызғын алып барылмақта.
– Филиалымызда күндизги бөлимде 829, сыртқы бөлимде 589 студент жаслар билим алмақта, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының руўхыйлық ағартыўшылық ислери бойынша директордың орынбасары Айдос Өтепбергенов. Олардың көпшилиги алыс районлардан, сондай ақ қоңсы ўәлаятлардан келип оқып атырған жаслардан ибарат. Ижарада туратуғын студентлер де баршылық. Ижара пулы, жол кирей, оннан қалаберсе талапқа жуўап бермейтуғын шараят студентлердиң сапалы билим алыўына унамсыз тәсир көрсетиўи сөзсиз. Сонлықтан да филиалымыз жанына қурылып атырған 8 қабаттан ибарат болған студентлер жатақханасы пайдаланыўға тапсырылса ҳәмме ушын үлкен қуўаныш ҳәм саўға болады.
Қурылыс жумыслары «Трест-4» ЖШЖ и қурылысшылары тәрепинен алып барылмақта. Бүгинги күнде жатақхананың барлық 8 қабаты қурылып питкерилген. Ишки ҳәм сыртқы сыбаў, безеў жумыслары алып барылмақта. Жатақхананың пайдаланыўға тапсырылыўы менен студент жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылады яғный оның ишинде бир китапхана, оқыў залы, мәлимлеме ресурс орайы, дем алыў бөлмеси, телевизор, асхана ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылған.
Әлбетте жаратылып атырған көплеп имканиятлардан жасларымыздың толық пайдаланып ертеңги күнниң ҳақыйқый қурыўшылары болып жетисиўине гүман жоқ.
Мухаммет Қалбаев,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти.