Қарақалпақстан Республикасы бойынша палыз жетистириў көлеми

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы мағлыўматларына бола, 2022- жылдың январь-декабрь айларында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 173, 5 мың тонна палыз жетистирилди. 2021- жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5, 3 % ке көп. Палыз жетистириў бойынша көрсеткишлерди хожалық түрлери бойынша анализ қылғанымызда, палыз өниминиң улыўма көлеминиң 52, 7 % фермер хожалықлары үлесине туўры келиўин көриўимиз мүмкин.

Қурылыс жумыслары

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы мағлыўматына бола, 2023-жылдың январь-февраль айларында Қарақалпақстан Республикасында жәми 618, 3 млрд. сумлық қурылыс жумыслары орынланып, өсим пәти өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 89,1% ти қурады.

Базар хызметлериниң тийкарғы көрсеткишлери

Усы жылдың 2023- жылдың январь-февраль айларында Қарақалпақстан Республикасын халықтың жан басына көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 884,1 мың сумға жетти. θткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсим пәти 104,6 % ти қурады. Салыстырыў ушын: 2022- жылдың январь-февраль айларында халықтың жан басына көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 766,4 мың сумға тең болған. 2021- жылдың январь-февраль айларына салыстырғанда өсим пәти 117,1 % ти қураған.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.