ЖАҚСЫ ҲӘДИЙСЕЛЕР ѲЗИМИЗГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ

Уйқыға жатар алдын еки ҳәптеге шекем мына ҳәдийселерди орынласаңыз ѳмириңиз жақсы тәрепке әлбетте ѳзгереди.
Бириншиден адам баласы қыялларын топлап алыў керек. Ҳәр тәрепке, ҳәр қыйлы машқалалар таман шашырап кеткен қыялларыңызды бир жерге топлаң, қыялыңызда…
Буның ушын еки қолыңыздың бармақларын бир-бирине қаўыстырып, қатты қысып турың. Кейин еки бас бармағыңызды (тек еки ғана бармағыңызды) бир-биринен жаздырып, айырың ҳәм бос услаң. Еки кѳзиңизди бармақларыңызға қаратың. Сол ўақта (егер мына ҳалатты сезсеңиз, сиз жақсы ислерге, нәтийжелерге, күтпеген қуўанышларға, байлыққа яғный, буларды қабыл етип алыўға таярсыз дегени) еки бас бармағыңыз бир-бирине әсте жылысып, жақынласып, қосыла баслайды. Бир-бирине тийгеннен соң, және айырың-және қосыла баслайды. Сѳйтип бул шынығыўды 1 минут даўамында тәкирарлаң.
Бул усылды күнде уйқыға жатар алдынан ислең ҳәм бир ҳәптеден соң ѳзиңизде ѳзгерислерди сезе баслайсыз. Әлбетте, жақсы тәрепке. Егер сиз студент болсаңыз жақсы баҳалар алып, кѳптиң кѳзине түсе баслайсыз. Егер сиз исбилермен болсаңыз ислериңиз жүрисип, пул «ағып» келе баслайды. Жумыс ислейтуғын болсаңыз искерлигиңиз артып, айлық, сыйлық (премия) ларыңыз кѳбейе баслайды. Қулласы бурынлары нелерди жақсы нийет етип жүрген болсаңыз соның бәрине ерисе баслайсыз.
Әўел баста айтқанымыздай қыялларыңызды жыйнап, тек жақсы нийет етиң нәтийжесин кѳресиз.
Жаратылыстың ѳзинде адам баласы бул жақты дүньяға келер екен, кѳпшилиги пулға, байлыққа ѳш болып жасайды. Бирақ, неликтендур аз муғдары ғана бай болады, ал қалған кѳпшилиги орташа, жетер-жетпес ҳәм гедей болып жасайды.
Ѳмириңизди жақсы тәрепке ѳзгертиў ушын бириншиден сол инсанның ѳзин-ѳзи ѳзгертиўи керек болады. Бул ушын жақсы нәрселерди ойлап, жақсы нийет етиўи дәркар. Турмысыңызда, «жоқ» деген сѳз болмаў керек. Бул сѳзди қыялыңыздан пүткиллей ѳширип таслаң. «Илажы жоқ», «Мүмкин емес» деген сѳзлерди илажы болса максимал дәрежеде айтпаң. Бул сѳзлер блокланыўға (қатып, қозғалмай қалып қойыўға) алып келиўи мүмкин. Мәселен бир нәрсени сатып алғыңыз келсе, «мен буны сатып алыўым мүмкин емес, буған менде пул жоқ. Ҳәзир пулым жоқ, ҳәзир илажым жоқ, жоқ…» деген сѳзлерди ойыңызда болсын яки биреўлерге айтқан сайын, ѳмириңизде «жоқ» ҳәм «мүмкин емес» деген нәрселер кѳбейип бара береди. Бул нәрсени ислеўим қыйын-дә ямаса мен ушын емес бул нәрселер дей берсеңиз, тап сондай болады. Себеби, мийиңиз мине усы гәплерди сизге айтып тоқтата береди. Сизди усы гәплер менен зәҳәрлеп, сизди жалқаўлық таман жетелеп бара береди. Соның ушын да бундай негатив сѳзлерди ислетпең, қыялыңыздан ѳширип таслаң. Жақсы әжайып қыялларға берилиң.
Мысалыға «Қәне жақында Дубайға ямаса Гавайа, яки болмаса Молдив атаўларына барып саяхат етип қайтамыз десең, ҳаў оған пул жоқ ғо деген сѳзди мийиңиз дәрҳал сизге айтады. Бул реал болмайтуғын жағдай» дейди. Усындайда сиз «Әлбетте иншаллаҳ барамыз. Мен саяхатқа барыўға таярман» дең. Ақыры, бул дүнья әжайыбатларға толы ғой. Қайерден билесиз, қандайда бир таңлаўға қатнасып, сиз әўметли болып қалыўыңыз мүмкин ғой?! Қайерден билесиз, Сизге мына пайытта маған жәрдем берип едиңиз, мен ҳәзир байып кеттим, деп кимдур Сизге жаңағы айтылған жерлерге еки адамлық мирәтнама берсе… Сол ушын «Аўа, бараман» дең.
Мәселен, ѳзиңизге унаған бир кийимди, телефон яки басқа бир ѳзиңизге зәрүрли нәрсени алмақшы болып, базарға я дүканға барып, пулыңыз жетпей қалса сол алар затыңызға қарап турып яки услап турың, усыны аламан, бирақ ҳәзир емес, кейинирек, деп айтың. Ҳәргиз «жоқ» демең. Айтылған сѳздиң қүдирети қыял астында вибрация береди Сиз «мүмкин емес, жаман, болмайды, әй-яғаў» дей берсеңиз, ѳмириңизге усылар тосық болып кирип келе береди. Пуллар менен де сондай, «Неге менде пул кѳбеймейди, қашан кѳрсең қарыз алып жүргеним, деп налынып Алладан «ҳәй Қуда мениң қарызларымнан қутылыў ушын маған пул бер, мүмкиншилик бер» деп тилейди. Пул бериледи, ѳзиңиз сорағаныңыздай пулды алып, қарызыңызды ѳтейсиз. Және пул жоқ.. Себеби, сиз Аллаҳтан тек қарызыңызды тѳлеўге ғана пул сорадыңыз. Әйне, сѳзлер арқалы дуўалар жетип барады. Сол ушын сѳйлеп атырған сѳзлериңизге, нийетлериңизге итибарлы болың. Негатив ойламаң, позитив ойлаң. Ҳәмме нәрсеге ашылың. Қолымнан келеди дең. Соны ислеўим керек демең. Соны ислеймен дең. Мен бизнес баслаўым керек еди – деп айтпаң. Мен бизнес баслайман – дең. Керек деген сѳз бенен баслайман деген сѳздиң, қашанлардур ылайық боларман деген сѳз бенен мен усыған ылайықпан деген сѳздиң парқы бар.
Және қосымша айтарымыз, қыялыңызды жыйнастырып алып, аңды негативлерден тазалап болғаннан кейин, ѳзиңиздиң бай танысыңыздың (мүмкин ол ағайиниңиз, жора-жолдасыңыз, кәсиплесиңиз парқы жоқ) байлығының кѳбейиўин Аллаҳтан шын жүректен сораң. Ҳеш ўақта қызғанба. Адамды қуртатуғын қызғаныш. Сиз ол ушын шын жүректен соны нийет етип дуўа қылың әлбетте, ѳзиңизге пайдасын кѳресиз. Бириншиден ѳзиңизди тап, сондай байлар киби тутың. Азанда уйқыдан турғаннан позитив қыяллар қушағында ҳәрекет етиң. Кейин пуллар ҳаққында тап бай адамлар сѳйлеп атырғандай сѳйлеўиңиз керек. Күнде усындай ҳәрекетлер ете берсеңиз сизиң қыялыңызда ѳзгерис басланады. Пикириңизде байлардай ѳзгере баслайды ҳәм ѳмириңизге кирип келе баслайды. Қолыңызға пул түскенде бала-шағаңызды кафе, ресторанларға алып барып, жақсы аўқатланың. Хызмет еткен офицантқа «хызмет ҳақысына» 10, 15 яки 30 мың сум қосып бериң. Менюди кѳрип, 10 процент алар екен ғой сол болады оған демең. Сиз сол пулды шын жүректен оның ислеген хызметин мақтап турып берсеңиз, ол сондай дәрежеде қуўанады ҳәм оның қуўанышы Тәңириме жетип барып, сиз жуўап ретинде сондай сыйлықланасыз, ҳәтте буны қыялыңызға да келтире алмайсыз. Қуўантың. Адамларға жәрдем қолын созың. Сонда олар сизге дуўа қылады ҳәм бул Аллаҳыма жетип барады. Денеңизди сѳйтип жақсылық етиўге үйретиң. Бул әлбетте Сизге жүз, мың болып қайтады. Пулыңыз болмаса жақсы сѳзлериңиз бенен жәрдем етиң. Нәтийжесин кѳресиз.

Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ.