Мәмлекетимиз парламентиниӊ турмысында конституциялық ҳуқықый тийкарлардыӊ турақлы раўажланыўы ҳәм беккемлениўи, Жаӊа Өзбекстанды қурыў ҳәм Үшинши ренессанс тий
арларын қәлиплестириўге қаратылған кеӊ көлемли ҳәм күшли демократиялық реформалар ушын зәрүрли болған ўақыялар жүз бермекте. Атап айтқанда, Олий Мажлис нызамшылық палатасы жаӊа өзгерис киритилген Конституция ҳаққында нызам қабыл етти. Нызам 30-апрель, екшемби күни болып өтетуғын улыўмахалықлық референдумда даўысқа қойылады.
Тиккелей демократияныӊ тийкарғы қуралы есапланған референдум – бул улыўма халық даўыс бериў жолы нызамлар қабыл етиў ҳәм мәмлекет ушын әҳмийетли болған мәселелерди шешиў формасы. Бунда сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық тараўларды түп-тийкарынан раўажландырыў, еркин ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўге қаратылған өз-ара байланыслы демократиялық сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый тереӊ реформаларды конституциялық жақтан тәмийинлеўге айрықша итибар берилген.
Мәмлекетимиз келешеги, барлық тараўлар ҳәм жойбарлардыӊ табысы билимли инсанларға байланыслы. Сонлықтанда кейинги жылларда билимлендириўдиӊ сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Жаӊа өзгерис киритилген Конституция болса, раўажланып атырған мәмлекет – жаӊа Өзбекстанды қурыў идеясы әтирапында пүткил жәмийетимизди бирлестиреди. Әсиресе, биз алымлар ушын еӊ қуўанышлысы Конституциямыздыӊ Өзбекстан – социал мәмлекет деп белгиленген бөлиминде тәлимге итибар ҳәм кепилликлер кеӊейтирилип атырғаны, тәлим ҳәм илим-пәнге тийисли нормалар дерлик еки есеге асырылыўы, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында мәмлекет есабынан оқыў белгиленип, грантлар саны еки есеге арттырылып, 40 мыӊға жеткерилиўи, сондай-ақ магистратура ушын 5 есеге көбейтирилиўы болып есапланады.
Бүгинги раўажланыў дәўиринде халқымыздыӊ социал жағдайларын есапқа алып, бийпул улыўма орта тәлим ҳәм баслаўыш профессионал тәлим кепиллениўи жас әўладты баркамал етип тәрбиялаўға имкан береди.
Жәмийетке ҳәр тәреплеме саламат пуқараларды жетилистирип шығарыўымызды тәмийинлеўши инклюзив тәлим Конституцияға киритилди. Бунда майыплығы бар балаларымызға өз теӊлеслери менен бирдей тәлим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтыӊ Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжаатында билимлендириў тараўына байланыслы бир неше бағдарламалар айтып өтилген еди. Себеби, мектепти өзгертпей турып, адамды, жәмийетти өзгертип болмайды. «Билимлендириў ҳәм тәрбияныӊ тийкары, тырнақ тасы бул – мектеп. Мектепти мектеп ететуғын күш болса муғаллимлер болып есапланады», – деген еди елимиз басшысы. Мине усы пикирлердиң дәлийли сыпатында Конституциямызда муғаллимлердиӊ қәдир-қымбатыныӊ қорғалыўы белгиленген. Бунда мәмлекет оқытыўшыныӊ абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардыӊ социал ҳәм материаллық жағдайын жақсылаў, кәсиплик раўажланыўы ҳаққындағы ғамқорлық етиўи беккемленбекте.
Конституциямызда изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқуқы берилди, бул норманыӊ киритилиўи профессор-оқытыўшыныӊ ҳәм талабалардыӊ оқыў процессиндеги еркинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Жаӊа Өзбекстанда раўажланыўдыӊ бирден-бир туўры жолы билимлендириў сапасын арттырыў екенлигине айрықша дыққат аўдарып, еӊ үлкен инвестиция билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Себеби, барлық мақсетлерге билим ҳәм тәрбия арқалы ерисиледи. Мектеплерде билимлендириўди жоқары басқышқа көтериў, оқытыўшы кәсибиниӊ абырайын арттырыў, муғаллимлердиӊ жағдайын жақсылаў дәўиримиздиӊ еӊ тийкарғы ўазыйпаларынан бир сыпатында қарап, Конституцияда халықтыӊ бүгинги жағдайын есапқа ала отырып, балалар мийнетиниӊ баланыӊ саламатлығына, қәўипсизлигине, әдеп-икрамлылығына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип туўдырыўшы, сондай-ақ олардыӊ тәлим алыўына тосқынлық қылыўшы ҳәр қандай формалар қадаған етиледи.
Улыўма алғанда, конституциялық реформалар халықтыӊ пәраўанлығы ҳәм мәмлекет раўажланыўын еле де көтериўге, оныӊ экономикалық қүдиретин ҳәм дүньядағы бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўге қаратылған ўазыйпаларды әмелге асырыўға хызмет етиўи сөзсиз.
Ҳәкимбай Ѳтегенов,
Бердақ атындағы ҚМУ Көркем өнер факультети деканы, Тарийх илимлери бойынша философия докторы, доцент.
