Усы жыл 6-апрель күни Хожели районындағы «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынында “Мениң мәҳәллем-мениң судьям” шеңберинде ушырасыў ѳткерилди.
Ушырасыўда мәкан пуқаралар жыйыны ақсақалы, кѳше бийлери, пуқаралары, аймақтағы оқыў орынлары педагоглары ҳәм медицина мәкемелериниң хызметкерлери қатнасты.
Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы И.Алланиязов жыйналғанла
рды 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, Конституциямыздың пуқаралар ҳәм жәмийет турмысында тутқан орны ҳаққында сѳз етти.
Буннан соң, усы жыл 30-апрель күни болып ѳтетуғын улыўмахалықлық референдумда Ѳзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы, оған киргизилип атырған жаңа ѳзгерис ҳәм қосымшалардың әҳмийети ҳаққында кеңнен түсиниклер берди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Ѳзбекстан Республикасының 2023-жыл
27-марттағы “Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын атқарыўына тосқынлық еткенлик ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының “Ѳзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине қосымша ҳәм ѳзгертиўлер киргизиў ҳаққында”ғы, “Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық хызметине тосқынлық еткенлик ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы Нызамларының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында сѳз етилип, усы Нызамлар менен педагог ҳәм медицина хызметкерлериниң нызамлы ҳуқықлары менен мәплери нызам менен қатаң қорғалатуғынлығы түсиндирилди.
Ушырасыўда ҳәр пийшемби – Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни мүнәсибети менен жыйналғанларға район аймағында соңғы ўақытлары жийи жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылық жағдайы ҳаққында мағлыўматлар берилип, анық мысаллар келтирилди. Буған қарсы гүресте тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары емес, ал жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы бирдей жуўапкер екенлиги атап ѳтилди.
Ушырасыў шеңберинде кѳшпели суд мәжилиси де ѳткерилип, Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 131-статьясы 2-бѳлиминде (зийнехана шѳлкемлестириў) нәзерде тутылған жынаятты ислеген усы аймақ пуқарасы А.Б.ныӊ жынаят иси кѳрип шығылып, суд мәжилисинде судланыўшыға жаза тайынланды.
Кѳшпели суд мәжилисинде жыйналғанлар тәрепинен судланыўшының ис-ҳәрекети қатаң сынға алынып, бундай қылмыс тек ғана нызам менен емес, ал динимизде де кескин қаралатуғынлығы атап ѳтилди.
Ушырасыў соңында жыйналғанлар ѳзлериниң суд-ҳуқық тараўына тийисли сораўларына жуўап алды..
И.АЛЛАНИЯЗОВ,
Жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
