Елимиз абаданлығы, жасларымыз келешеги ушын

Мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыўлар менен раўажланыўлар, оның ертеңги келешеги менен байланыслы мақсет ҳәм режелер, елимиздиң ҳәр бир пуқарасы ушын оғада әҳмийетли.
Усы жылдың 30-апрель сәнесинде болып өтетуғын «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары бойынша референдумда қатнасыў- бул мениң ушын үлкен жуўапкершилик ҳәм мақтаныш.
Мен усы күни мәмлекеттиң пуқарасы сыпатында референдумда қатнасыў арқалы Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясын, халқымның, жасларымыздың келешегин қоллап — қуўатлайман.
Әсиресе, жаңаланып атырған Конституциямызда жаслар ҳәм олардың келешеги менен байланыслы арнаўлы статьяның белгилениўи, келешегимиз таянышы болған жасларымызға үлкен исеним ҳәм жуўапкершилик жүклейди.
Үшинши бөлим, XIV-баптың 79-статьясы жасларға арналған болып, онда мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлейтуғынлығы, олардың жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди қатнасыўын хошаметлейтуғынлығы анық, түсиникли етип белгиленбекте.
Сондай-ақ, усы статьяда мәмлекет жаслардың интеллектуал, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм де раўажланыўы ушын, олардың билим алыўына, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа орналасыўына, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жарататуғынлығы түсиникли етип жазылған.
Жаңаланып атырған Конституциямыздағы биз сөз еткен бул статья, жасларымыздың шын мәнисиндеги кәмил инсанлар болып қәлиплесиўине ҳуқуқый негиз болып хызмет ететуғыны анық.
Айрықша атап өтиўимиз тийис, жаңаланып атырған Koнституциямыз текстинде «Инсан-жәмийет-мәмлекет» идеясы тийкар етип алынған.
Демек, биз референдумда қатнасыў арқалы елимизде жасаўшы ҳәр бир инсанның мәпи ҳәм қәдир-қымбатын, келешегин қоллап-қуўатлаған боламыз.
Мен елимиз абаданлығы, жасларымыз келешегине бийпарық емеспен.

С.Камалов,
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты.