Бийик қүдиретин сүйер ҳәр жүрек.
Күлимлеп келиўин күтер елжиреп.
Тиллерге сән берген еӊ жақсы тилек,
Бес күнлик өмирдиӊ гүлтажы-бахыт!
Табыстырып, бирлестирип кеўилди,
Дүньяны көз нурындай асырап келеди.
Шадлық үлестирип жасай береди,
Бул өмирдиӊ татлы мийўасы бахыт!
Дөретиў ышқысын салып кеўилге,
Талпындырар тынбай мийнет етиўге.
Талықсаӊ жаныӊа келер сүйеўге,
Жақсылар тилегинен жаралар бахыт!
Инсан жүрегине беккем жайғасар,
Шадлық инам етип, қайғыӊды алар.
Мәртликке шақырып, басыӊды
сыйпар,
Кеӊ дүньяныӊ сөнбес шырағы
бахыт!
Гулжахан БАЙМУХАНОВА,
ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти.
