КИБЕР ЖЫНАЯТЫ

Кибер жынаяты – деген не? – Пән ҳәм техника тараўындағы жетискенликлер күнделикли социаллық жақтан ѳмиримизге және де қолай имканиятлар жаратылмақта. Бизлерге белгили, урлық бул этикалық қағыйдаларға қарсы болған унамсыз қәсийет есапланады. Айырым ўақытлары банклердиң, соң дүканды тонағанлары уқсаған жағдайларды еситип қаламыз. Ѳмирде сондай урылар да бар, олар басқалардан улыўма парық қылады. Олар жүдә ақыллы, саналы ҳәм шаққан адамлар, және жүдә ҳийлекер болады. Бундай урылардың ѳзлерин де, басқан излерин де анықлаў, әпиўайы урыларды анықлаўдан кѳре 10-20 есе қыйын. Тек ғана келтирген зыянын анықлаў аңсатырақ.
Кибер урылар-компьютер вируслары хакерлар (кракер, реврсер) болып, интернет майданында оларды кибер урылар деп атаймыз. Компьютер ядына кирген, оны зыянландырып атырған вирусларды – «кимдур», яғный кибер урылардан бири-хакер әмелге асырады. Хакер (инглиз тилинде Hack-жарып таслаў, бузыў, шабыў, деген мәнислерди аңлатады)-олар ҳәдден зыят тәжирийбели информация технологиялары қәнигеси ҳәм компьютер технологияларын пуқта билиўши адамлар. Усы сѳз әдетте, компьютер кибер урысы, яғный бузыўшысы – деп жүритиледи. Хакерлер интернет жаратылған ўақытларда пайда болған. 1960-жылларда хакер деп ең күшли ҳәм тәжирийбели программистлерди атаған. Ѳткен әсир 70-жылларының баслары, 80-жыллардың ақырларындағы дәўирлер кибер урылар ушын ең қолай жыллар болып есапланған. Себеби, әйне усы ўақытларда компьютер операциялық системалары қайтадан ислеп шығарылып атырған еди. Бул системалардың жүдә кѳп әззи тәреплериниң барлығы кибер урылардың жетискенликлерин тәмийинлеген. Сол ўақытлары бир профессионал программист әмелге асырған қәўипсизлик системасын, екинши бир программист бузыўы жүдә аңсат болған. Ҳәр қандай «хакер» билим тәжирийбеге ийе болыўы керек. Бирақ, булар усы билимлеринен ѳзиниң жеке мәплери ушын ғана пайдаланады. Олардан мағлыўматлар алмасыў, оларды топлаў, мағлыўматлардан жәмийет мәплери жолларында пайдаланыў мақсетинде болғанында еди, қандайда бир тараўда жетекши қәниге, ел-журт алдында итибарға ылайық инсан болыў бахтына ерискен болар еди.
Компьютер әлеминде 80 процент пайдаланыўшылар хакерлерди жынаятшылар деп есаплайды. Тийкарынан, хакерлерди ѳз билим ҳәм кѳнликпелерине, билимлерин қай жолда сарыплап атырғанлығына қарап екиге: (White hat) жақсы ҳәм (Black hat) жаманға ажыратыў мүмкин. Еки түрдеги хакерлер де бир нышан үстинде ислейди. Бирден-бир программалық ѳнимниң әззи тәрепин табыў менен шуғылланады. Бирақ, жақсы хакерлер ҳеш қашан билген жағдайда сайтларды ҳәм ҳәр түрли сервер компьютерлерди бузбайды. Олар жаңадан жаратылған программалық тәмийинатлардың қәтеликлерин табыўға ҳәрекет етип, кемшилик тәреплерин туўрылап қойыўға урынады. Оларды әдетте, компьютер санитарлары деп атайды. Жаман хакерларды болса биймәлел кибер урылар деп атаў мүмкин. Себеби, нызамға қайшы ҳәрекетке араласқан болады. Мәселен, бирде-бир программаға нызамсыз лицензия кодын ислеп шығарыўшы программа, қупыя серверлерден ҳәр түрдеги ҳүжжетлерди талан-тараж етиў ҳәм усыған уқсас нызамсыз ҳәрекетлерди жүзеге келтиреди. Булардың 10 нан 9 ы ҳәўескерлер есапланады.
Сонлықтан, өз қәўипсизлигимизди тәмийнлейик, буның менен сиз раўажланып баратырған информация технологияларына ѳз үлесиңизди қосқан боласыз.

Н.БЕКИМБЕТОВА,
Қараѳзек РИИБ ЖКХ ҲПБ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, капитан.