Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў хаққында»ғы 2020-жыл 14-декабрдеги 781-санлы қарарына тийкарланып Өзбекстан Республикасында 2021-жылдан баслап ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси «Китапқумарлық хәптелиги» деп белгиленип киятыр. Сол қарар бойынша Әжинияз атындағы НМПИдиң мәжилислер залында «Китап ҳәм китапқумарлық-инсанныӊ руўхый айнасы» атамасындағы «III Республикалық Китапқумарлар ҳәптелиги»ниӊ ашылыўы болып өтти. Ҳәптеликти НМПИ Мәлимлеме-ресурс орайы директоры Қуўаныш Қулмуратов ашып берди. Илажға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы, «Дослық» ордени ийеси Жуманияз Өтениязов, НМПИ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти Сапура Бауетдинова ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы хызметкерлери қатнасты. Мәлимлеме-ресурс орайы хызметкери Дурия Ерлепесова «Китап-өтмишимиз, бүгинимиз ҳәм келешегимиз» атамасында баянат жасады. 2022-жылы Ә.Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасында болып өткен II Республикалық китапқумарлық ҳәптелигине қатнасып ҳәм «Китапхана ағласы» көкирек нышаны менен сыйлықланып келген Рита Аманбаева студент, жасларға өзиниӊ китапханада ислеген 33 жыллык мийнет тәжирийбелеринен айтып берди.
Жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтип, жаслар руўхый азық алып еӊ жақсы ҳәм үлгили китап оқыўшылар Ҳурмет жарлықлары менен сыйлықланды.
З. КАЙНАРОВА,
НМПИ, илимий-методикалык ҳәм мағлыўматлар бөлими баслығы.
