Референдум түсиниги ҳәм референдум өткериўдиң ҳуқықый тийкарлары

Референдум бул – Өзбекстан Республикасының нызамларын ҳәм басқа қарарларды қабыллаў мақсетлеринде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша пуқаралардың улыўмахалықлық даўыс бериўи болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 9-статьясына көре, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының ең әҳмийетли мәселелери халық додалаўына усынылады, яғный референдумға қойылады.
Өзбекстан Республикасында референдум төмендеги ҳуқықый тийкарларға көре өткериледи:
1. Өзбекстан Республикасының Конституциясы (9, 32, 78, 117, 127-статьялар).
2. Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында”ғы Нызамы.
3. Орайлық сайлаў комиссиясының ҳүжжетлери.
Быйылғы жылда өткерилип атырған референдумның айрықша өзгешелиги сонда, мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте, Конституция жойбары халық пенен ойласылып, улыўмахалықлық даўысына қойылып атыр.
Усы жаңаланып атырған Конституция жойбары 10 айға жақын ўақыт даўамында пүткил халық додалаўына қойылды.
Конституция мазмуны ҳәм формасы жағынан да улыўма жаңа Конституция болады. Әмелдеги Конституцияның статьялары 128 ден 155 ге көбейип, нормалары 275 тен 434 ге, яғный 65 проценттен көбирекке артады. Қысқаша етип айтқанда улыўма Жаңа Конституция ретинде қәлиплесип атыр.
Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Нызамына муўапық шөлкемлестирилип атырған усы референдум пуқаралардың өз ерк-ықрарын улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры билдириўи тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи.
Өзбекстан Республикасы пуқараларын референдумда қатнасыўға ямаса қатнаспаўға мәжбүрлеў мақсетинде оларға, соның менен бирге ерк-ықрарын еркин билдириўине тәсир көрсетиўге ҳеш ким ҳақылы емес.
Өзбекстан Республикасы пуқаралары референдумда тең тийкарларда қатнасып, ҳәр бир пуқара бир даўысқа ийе болады.
Референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ашық ҳәм әшкара әмелге асырылады. Нызамшылығымызға муўапық, референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериўде қатнасып атырған мәмлекетлик уйымлары жәмийетлик бирлеспелери өз хызметлерин әшкара әмелге асырады.
Референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди референдум өткериўши комиссиялар әмелге асырады. Олар пуқараларды өз жумысларынан, округлар, даўыс бериў участкалары дүзилгенлиги, комиссиялардың қурамы, олардың жайласқан орны ҳәм жумыс ўақтынан хабардар етеди, даўыс беретуғын пуқаралардың дизимлери менен таныстырып, даўыс бериў жуўмақларынан хабардар етеди.
Өзбекстан Республикасының ғалаба хабар қураллары референдумға таярлықтың барыўы ҳәм ол қандай өтип атырғанлығын көрсетип барады.
Референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли барлық илажларда сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, пуқаралар басламашы топарларынан бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, басқа мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасыў ҳуқықына ийе.
Олардың ўәкилликлери тийисли ҳүжжетлер менен тастыйықланған болыўы керек.
Мәпдар шөлкемлер, пуқаралар басламашы топарлары өз бақлаўшылары ҳаққында округ комиссияларына референдум өткерилиўине кеши менен он күн қалғанында хабар береди.
Референдум өткериўши округ комиссиясы мәпдар шөлкемнен, пуқаралар басламашы топарынан арза алғанынан кейин бес күн ишинде мандатты бақлаўшы ушын береди. Басқа мәмлекетлерден ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшыларға мандатлар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи.
Өзбекстан Республикасы пуқаралары, жәмийетлик бирлеспелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары референдум өткерилиўин жақлап ямаса оған қарсы, референдумға қойылып атырған нызам жойбары, әмелдеги нызам ямаса басқа мәселени жақлап ямаса оған қарсы үгит-нәсиятлаўға ҳақылы.
Референдумға қойылатуғын мәселелер бойынша үгит-нәсиятлаў мақсетинде радио, телевидение ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў мүмкин.
Үгит-нәсиятты пуқараларға бийпул ямаса жеңилликли шәртлерде товарлар бериў, хызметлер көрсетиў, соның менен бирге, пул қаржылары төлеў менен қосып апарыў қадаған етиледи.
Референдум өткерилетуғын күнде ҳәм референдумди өткериўге бир күн қалғанда үгит-нәсият жумысларын жүргизиўге жол қойылмайды.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы референдум жуўмақлары бойынша қабыл етилген қарарды референдум өткерилгеннен кейин көби менен он күн ишинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында ҳәм рәсмий дереклерде жәриялайды.
Референдумда нызам қабыл етилген тәғдирде, оның тексти референдум жуўмақлары бойынша қарар менен бирге жәрияланады.
Егер референдумда қабыл етилген қарардың, нызамның мазмунынан басқаша қағыйда келип шықпаса, референдумда қабыл етилген қарар, нызам Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен референдум жуўмақлары рәсмий жәрия етилген күннен баслап күшке киреди.

А.Өтеўлиев,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы.