Заманагөй ири саўда комплекслери – пуқаралардың күнделикли саўда қылыў ҳәм мәдений дем алыў ушын ең қолай ҳәм ғалабалық орын болып есапланады.
Бул комплекслерде қәўип-қәтер жүзеге келиўи ҳаққында пикир пайда болыў қыйын болса да, оны итибардан шетте қалдырыў мүмкин емеслигин аңлаўымыз тийис.
Атап айтқанда, ең көп ушырайтуғын қәўип-қәтер – өрттен сақланыў ушын төмендеги әпиўайы қағыйдаларға әмел етиўимиз зәрүр.
– саўда орайларына кирген ўақытта өзиңиз жүрген жолыңыз (маршрут) ды еслеп қалыўға ҳәрекет етиң. Себеби, күтилмегенде имаратты тәрк етиў зәрүр болып қалыўы мүмкин;
– айрықша жағдайларда тийкарғы эвакуация жолары жайласыўына итибар бериң. Олар арнаўлы жазыўлар яки айрықша белгилер менен көрсетиледи. Мысалы: көрсеткиш, жүгирип баратырған адам ҳ.т.б. белгилер;
– саўда орайында түтинди көриўиңиз яки оның ийсин сезиўиңиз бенен дәрриў қәўетерленбең, өзиңизди қолға алың ҳәм анық ҳәрекет етиң. Дәслеп, қәўиптиң ҳақыйқый көлемин баҳалаўға ҳәрекет етиң. Егер бул саўда орайы сизге таныс болса, оны ең қәўипсиз жол менен тәрк етиң. Қәўипсиз жерге барып, өрт қәўипсизлиги хызметине қоңыраў етиң;
– көп муғдарда түтин менен қапланған жерге мүмкиншилиги барынша бармаўға ҳәрекет етиң;
– жоқары қабатларға шықпаң, шетте жайласқан бөлмелерге жасырыныўға ҳәрекет етпең;
– өрт ўақтында лифттен пайдаланбаң, оны қәлеген ўақытта тоқтатып қойыў мүмкин.
– өрт ўақтында ең тийкарғысы – дем алыў жолларын зәҳәрли түтиннен қорғаў. Буның ең аңсат жолы – қурғақ шүберек (таўар) менен дем алыў жолыңызды басың;
– илажы барынша төменирек қабатларға жайласың. Себеби түтин консентрациясы төменде аз муғдарда болып, жоқарыда көбирек болады;
– аяқ астында қалып қоймаў ушын керекли жерге орташа тезлик пенен барыўға ҳәрекет етиң;
– түтин ишинде көриў жаманласқанда, дийўал яки тутқышларға сүйенип ҳәрекет етиң;
– егер жолыңызда ыссылық көтерилип баратырғанын сезсеңиз изге қайтың;
– адамлар арасында қалып қойсаңыз қолларыңызды муш қылып, тирсеклериңизди бүгиң ҳәм оларды еки тәрепиңизге басың. Аяқларыңызды алдыға тиреп, денеңизди артқа таслаң, изиңиздеги басымды услап турыўға ҳәм алдыңыздан орын босатып ҳәрекетлениң;
– егер кийимиңиз жанып атырған болса ҳәр қандай жағдайда да жүгириў мүмкин емес. Себеби жүгириў жалынды күшейтеди. Жалынды өшириў ушын жерге жатып аўнаў яки жанып атырған кийимди шешип таслаўға ҳәрекет етиң. Кислородтың жалын менен кирисиўин шеклеў ушын өзиңизди қатты таўар менен яки кийим менен ораўыңыз мүмкин. Териге өрт тәсиринде жабысып қалған таўар бөлеклерин қопарып алыўға урынбаң – буны шыпакер ислегени мақул;
– мүмкиншилиги барынша өртти өшириўде саўда орайының хызметкерлерине жәрдем бериң. Бирақ оларға кесент бермеў ең әҳмийетлиси екенин умытпаң;
– саўда орайларының хызметкерлери өрт қәўипсизлиги бойынша таярлықтан өтиўи ҳәм сол сыяқлы жағдайларда ҳәрекет режесин ислеп шығыўы керек;
– майда өрт жүз бергенде, яғный өрт өшириўшилердиң жәрдемисиз өртти өшириў илажы болса, дәрриў өртти өшириў шараларын көриң.
Қасыңызда жәрдемге мүтәж ҳәм өмири қәўип атында қалған инсанларды көрсеңиз, әлбетте жәрдем қолын созың, бирақ өз қәўипсизлигиңизди умытпаң.
А.Бекмуратов,
Нөкис районы айрықша жағдайлар бөлими баслығы, подполковник.
