Соңғы ўақытлары халық арасында «адамлар қандай-қандай болып баратыр ѳзи?…» деген жуўабы қыйын сораўлы гәплер кѳбейип баратыр.
«Самал болмаса қамыстың басы қыймылдамайды» дегениндей бул гәплер қурыдан босқа айтылмайды.
Бул ўақыяның болып ѳткенине бир жылдың жүзи болмақта. Ҳеш жерде ҳеш нәрсе жоқ бирден еки инсанның жанының қыйылыўы район халқының «тѳбе шашын тикке турғызды». Жасы алпысты қаралап қалған, 1964-жылы туўылған Ерназардың бул ҳәдийсени ислеўи ҳеш ақылға уғрас келмес еди.
Келини Сырғагүл енеси яғный Ерназардың ҳаялы менен әйтеўир гәплер үстинде айтысып, яғный шаңарақлық келиспеўшиликлер себепли 2022-жылдың 10-июнь күни ѳзиниң ата-анасының үйине кетип қалады. Сол күнниң ертеңине Сырғагүл және анасы Шийрин ҳәм оның еки абысыны менен бирге келин болған үйине келип, «қызым Сырғагүлди ҳәм ақлығымды алып кетемен, қәне қызымның кийимлерин, ҳүжжетлерин бериң» деп қудағайы Шийрин бақырысып кетеди. Ерназардың ҳаялы «қойың хожалық болып кетсин» деген сѳзин де тыңламас дәрежеде болады.
Қудағайлар мәмилеге келе алмай атырған бир пайытта олардың арасында отырған Ерназар орнынан турып кетип, асханаға барып, газ плитаның тѳменги бѳлиминде турған, темирден исленген, узынлығы 45 см болған темир ключ (гилт) ти алып, үйдиң мийманханасында затларын жыйнастырып атырған келини Сырғагүлдиң изинен барып, ханнан қәтерсиз кийимлерин түйистирип атырған келини бурылып қараған ўақтында Ерназар қолындағы темир ключ пенен оның маңлайына күш пенен урады. Ол есин жоғалтып, жерге қулайды. Сонда да урыўын тоқтатпастан, келинин ѳлтирип қояды. Улы-тасырлы болып атырған сеслерди ҳәм бақырған даўысты еситип, қудағайының абысыны Жупар орнынан ушын турып, мийманханаға биринши болып жуўырып барса, Сырғагүлдиң полда басы екиге бѳлинип жарылған ҳалда жатырғанлығын кѳрип, албырап қалады. Қолындағы ключ пенен Ерназар буның да басына, ийнине урып кетеди. Жупар изине қарай шегинген ҳалда, бар даўысы менен қышқырып жибереди. Ол даўысты еситип Сырғагүлдиң анасы, Шийрин жуўырып келеди. Шийрин ҳаял басына қарамастан Ерназардың қолына жабысып, айқасып кетеди. Жупар пайыттан пайдаланып, елес-қапаста сыртқа қашып шығып, бар даўысы менен қоңсылардан жәрдем сорайды.
Кѳзи қанға толған Ерназардың жини енди қудағайы Шийринге түседи. Қолындағы темир ключ пенен оның басына да аса реҳимсизлик пенен бир неше мәрте урады. Шийринниң есин жойтып, жерге жығылғанынан пайдаланып, оны да ѳлтирип «тынады».
Кейин суд мәжилисинде соралғанында Ерназар не себептен булай болғанлығын, ўақыяның қалайынша бундай түс алып кеткенлиги жѳнинде ужыбатлы ҳештеңе айта алмады. Суд Ерназардың бул ҳәрекетин аса мийримсизлик пенен қасттан исленген жынаят деп есаплайды.
Солай етип, қасттан исленген бул қылмыс себепли еки бирдей (яғный ана менен қызының) инсанның гүлдей ѳмири зая болды. Буған қосымша және бир ашынарлы ҳалатты айтып ѳтпекшимиз.
Келини Сырғагүл ҳәмиледар еди. Демек, қәйин атасы Ерназар келини, қудағайы менен бирге ѳзиниң болажақ зүрияды – ақлығын да қосып ѳлтирди деген сѳз бул.
Адамлар арасында «Шайтан жолдан шығарды, шайтан мени азғырды» деген гәп бар. Бул бир жағынан дурыс та шығар. Бирақ, ҳәмме, ҳәр ким ѳз ҳәрекетине жуўап бере алмаса онда адам деген атты неге кѳтерип жүрмиз. Және де бул гәплер нызам алдында ҳеш қандай күшке ийе бола алмайды. Жынаят иследиң бе, жазасын әлбетте аласаң.
Соның менен суд ҳүкими арқалы судланыўшы Султанов Ерназарға Ѳзбекстан Республикасы ЖК ниң 59-статьясы 3-бѳлими тәртибинде тайынланған жазалар қосылып, үзил-кесил 22 жыл қамақ жазасы тайынланды.
Әне, «Ойланбастың түби-ойран» деп усындай кимселерге айтылады.
Азат СЕЙТАНОВ,
Жынаят ислери бойынша Нѳкис районы суды баслығы.
