ДӨРЕТИЎШИГЕ МАҚТАЎ АЙТЫЛМАЙДЫ

– Қызыңыз спорт пенен шуғылланып қәдди-қәўмети сүйкимли болып, шаққан қыз болыпты. Жарысларда жақсы нәтийжелерге ерисип, кѳп мақтаў сѳзлер айтылып атыр. Ата-ана ушын мақтаныш-аў, перзент жетискенлиги. Қуда қәлесе быйыл питкериўши денетәрбиясына оқыўға тапсырады-ғо – дедим қызының умтылыўшылығын кѳргенимнен соң.

– Қыз балаға спортшылық жараспайды. Басқа қәнигеликке тапсыртаман, – деген анасының сѳзине қарсы пикиримди билдирген едим.
Шахсанемниң талантын кѳрип, анасына биринши сораўым; – қызыңыздың художник болыўын қәлейсиз бе? – дедим.
– Аўа, қәлеймен.
«Болар бала бес жасынан белгили» дейди. Сол айтқандай бул қызым 5 жасында қолына қәлем алған. Бақша жасында-ақ мақтаў жарлықларын алған қызымның художник болыўына қарсы емеспиз. Қоллап-қуўатлап атырмыз, – деди анасы Тазагүл Атабаева.
2005-жылы Нѳкис қаласында туўылған Шахсанем Хожабаевада талант ушқынын сезген ата-анасы Мийратдин Байгелдиев пенен Тазагүл Атабаева пайтахтымыздағы 33-санлы сүўретшиликке қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебине оқыўға берди.

Шахсанемдеги қызығыўшылықты билген муғаллими Полат Абдиреймов жол-жобалар

берип, дѳретиўшилик сырларын үйретип барды.

Ең биринши дѳретпеси «Ана» темасында болып, жүдә табыслы шығып, бир неше таңлаўларға қатнасып, 1-2-3-орынларды ийелеп, избе-из Ҳүрмет, Мақтаў жарлықларын алып, талант талпыныслары ушқынлап бара берди.
Ш.Хожабаева бир қатар ѳзиниң кеўлине унаған сүўретлерин жыйнап, 2017-жылы халықаралық сүўретшилик фестивалына жибереди.
– Япония мәмлекетинен почта арқалы үйиме саўға келди. Онда халықаралық балалар сүўретлеў альбомы, қәлем ҳәм тағы басқа да саўғаларды қабыл алғанымда, әсиресе ата-анамның қуўанышларын жеткерип бере алмайман.
Мен кѳбинесе тәбият қушағында сүўрет салғанды унатаман. Устазларым Полат Абдиреймов, Байрам Нурымбетов ҳәм Садық Есебае

влардан кѳп мақтаўлар еситпегенмен. Себеби, дѳретиўшиге «болады», «болды» десе ол арқайынлыққа берилип, ѳз дѳретпеси үстинде изленбей қалады екен, – дейди бурынғы дѳретпелерине қарап, кемшиликлерин толтырып атырған Шахсанем.
Оның талант ушқынының жалынға айланыўы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем-ѳнер мектебиниң, ҳәзирги ўақытта билим алып атырған қәнигелестирилген кѳркем ѳнер мектеп-интернаты муғаллимлериниң кѳп мийнетлериниң, жол-жобаларының нәтийжеси. Ш.Хожабаева, «21-апрель сүўретлеў ѳнери ҳәптелиги» тийкарында ѳткерилген Ѳзбекстан кѳркем ѳнер академиясының халықаралық сүўретлеў ҳәм әмелий санаат фестивалына қатнасып, 3-орын жеңимпазы болып, бронза медалы менен сыйлықланды.
– Қызымның талантына исенемен. Таңлаў болып ѳткенинде билип отырмыз. Телефон етип, қызымнан нәтийже қалай деп сорадым. Орын алалмадым деди. Кеўлин түсирмей Ташкент қаласына барып-келгениңиң ѳзи болады деп марапатлап қойдым. Азанда ерте қолында гүл, мойнында медаль менен үйге келип тур, – дейди қуўанған әкеси Мийратдин Байгелдиев.
Ш.Хожабаева белгили художниклер Ж.Лепесов, С.Байбосыновлардың дѳретиўшиликлерине қызығыўшылығы күшли екенлиги, усындай художниклер қатарында болыўын нийет етип отырған қызымызға табыслар тилеймиз.

Зибира АБДИНИЯЗОВА.