Саяхатқа шығыўды қәлемейтуғынлар болмаса керек. Саяхатқа арнаған бир күнимиз ѳмиримизди және де жарқынырақ етеди. Кеўил-кейпият кѳтерилип, күндеги бирдейликтен басқа әлемге киргендей боласаң. Ѳзгеше жеңиллик саяхаттың сизди күтип турған сырлы бостанына баслайды. Әсиресе, экскурсия ҳәм саяхатлар дүнья қарасы енди қәлиплесип атырған мектеп оқыўшылары ушын жүдә әҳмийетли. Ѳзим класс басшысы болғанлықтан оқыўшыларды пайтахтымыздағы жәҳәнге белгили мақтанышымыз болған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик кѳркем-ѳнер музейине саяхатқа алып бардым. Оқыўшылар бул саўлатлы имаратқа кире беристен баслап-ақ, ѳзгеше сезимге бѳлене баслады. Музей хызметкерлери бизлерди жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Ҳәр бир экспонат ҳаққында толық мағлыўмат берди. Бүгин тарийхқа айланған дәўирлердиң турмыс тәризи художниклердиң сүўретлери арқалы шебер сүўретлеп берилгенлиги, темасы ҳаққында түсиник алды. Бир сүўретлер пүтин бир аўылдың сыртқы кѳринисин ѳзинде жәмлеген болса, тағы биринде ѳмирдиң бир әжайып мәўритлери сүўретленген. Оқыўшыларымызды музейимиздеги экспонатлардың қәстерлеп-абайлап сақланып атырғаны да айрықша қызықтырды. Бийбаҳа мәдений мийраслар музейлерде усылай сақланатуғыны ҳаққында айтып бердим. Узақ тарийхтан саза берип турған, дәўирлер асып сақланып киятырған экспонатлардың ҳәтте басқа мәмлекетлердиң музейлери кѳргизбелерине қойылып атырғанлығынан қатты тәсирлендик. Ана Ўатанымызға, туўылған жеримизге болған сүйиспеншилигимиз артып, зор тәсирлер алдық.
Улбосын ЕЛМУРАТОВА,
Нѳкис қаласы, 36-санлы мектептиң тарийх пәни муғаллими.
