МУЗЕЙЛЕР ҲАҚҚЫНДА

Музейлер (Грек тилинен алынған musion-музкаларға арналған орын)-тарийхый, материаллық ҳәм руўхый естеликлерди жыйнаў, сақлаў, үйрениў ҳәм инәм етиў ислерин әмелге асырыўшы орын есапланады.
1977-жылы Москвада болып ѳткен Халықаралық музей конференциясында Халықаралық Музейлер Кеңесиниң Бас конференциясы қарары тастыйықланып, 18-май музейлер күни етип белгиленген. 1999-жылдан баслап елимизде музейлер күни белгиленип келинбекте.
Музейлер-тарийх тилсимлерин ѳзинде жәмлейди. Мағлыўматларға қарағанда дүньядағы ең дәслепки музей Мусеон деп аталып, оқыў орны кѳринисинде болған. Шама менен эрамызға шекемги 290-жылы Александрияда Птоломей 1-тәрепинен салынған.
XIX әсирге келип, ең үлкен музейлер АҚШ, Англия, Швеция, Япония, Ҳиндистан ҳәм Россияда қурылған. Солар қатарында 1852-жылы Эрмитаж, 1873-жылы Москвадағы Тарийх музейи, 1892-жылы Третьяков галареясы қурылған.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде 1200 ден аслам мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес музейлер хызмет кѳрсетпекте. Музейлер-ата-бабаларымыздан бизге мийрас болған бийбаҳа байлықларды келешек әўладқа жеткерип беретуғын, илимий, руўхый ғәзийне, жыллар даўамында байытылып, улыўма инсаныйлық байлыққа айланады.

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик кѳркем-ѳнер коллекциясы 80.000 нан артық экспонаттан ибарат. Музей рус авангарды, Ѳзбекстан әмелий кѳркем ѳнери, Қарақалпақстан халық әмелий кѳркем-ѳнер ески Хорезм кѳркем-ѳнери топламларын ѳз ишине алады. Қәнигелер ҳәм жәҳән баспасѳзи берген баҳасы бойынша И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик кѳркем-ѳнер музейи экспонатлар топламы бойынша Азия аймағындағы ең жақсы музей есапланады. Рус авангард кѳркем ѳнер топламы кѳлеми бойынша дүньяда екинши орында турады. «Саҳрадағы Лувр» деп аталған И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик кѳркем-ѳнер музейи ѳзиниң бийбаҳа дүрдана байлықлары менен тамашагөйлер итибарын тарта алған. Музейде графика, мүсиншилик, живопись әмелий кѳркемѳнер үлгилери, түрли археологиялық табылмалар, этнография буйымлары, ески сүўретлеў, тарийхый ҳүжжетлер, киби жүз мыңға жақын қымбатлы экспонатлар орын алған.
Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи (сол ўақыттағы Үлке таныў музейи) 1929-жылы ашылған. Экспозиция залы, археология, этнография, тәбият ҳәм жаңа тарийх бѳлимлеринен ибарат.
Қол ѳнери буйымлары, тағыншақлар, киймешек. Жегде, кѳк кѳйлек, сәўкеле, археологиялық коллекцияның экспонатлары, Бронза қуйма ыдыслар Аралбойының ески ҳайўанат ҳәм ѳсимликлердиң тасқа айланған қалдықлары, жоғалып кеткен қуслар ҳәм ҳайўанат кеплери орын алған. «Соңғы Туран жолбарысы» кѳргизбеси ең айрықша дыққат-итибардағы кѳринис болып табылады.
Музейлер-бәримиз ушын ең жақсы экскурсия орны. Ѳтмиш пенен бүгинди байланыстырып, тарийхтан дәрек берип, бүгинги әўладты ўатан сүйиўшилик рухында тәрбиялаўда орны айрықша.
Ең ақырғы Туран жолбарысы 1980-жылы музейге тапсырылған. Кепши М.Заславский тәрепинен тѳрт жыл ишинде тикленген.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.