Мине оқыў жылы да жуўмақланды. Балалар жаз кушағында. Биз устазлар келеси оқыў жылы ушын таярлықты ҳәзирден баслап жибердик. Себеби дем алыстан келген балаларымызды таяр сабақлықлар, таяр ис режелери менен күтип алыў педагоглардың баслы ўазыйпасы.
Мектеплерде балаларға орыс тили пәнин өткенде балаларды жалықтырып алмаў, тилге деген кызығыўшылығын және де раўажландырыў ушын — лингвистлик ойынлардың әхмийети жүдә үлкен. Мысал ретинде » Аўдармашы» ойынын алып қарайық
Бул жерде аўдармашылық, ямаса дилмашлық еткенде синоним сөзлерден толық хәм мақсетли пайдаланыў керек. Синоним сөзлер мәнисине қарай, айтылыўына қарай орынлы пайдаланыўы керек.
«Нақылды жуўмақла» ойыны да балаларда ойланыў, раўажланыў, излениўшиликти келтирип шығарады.
«Анаграммалар ойыны» оқыўшылар ушын ең қызықлы ойынлардың бири. Сөздиң бир ҳәриби, ямаса бир буўыны алып тасланады. Бала өзи ойланып, мәнисин салыстырып сөз қураўы керек.
Мине мен өзим ҳәзир усындай ис режелери менен шуғылланып, окыўшыларымды жаз қушағынан кейин кеўилли күтип алмақшыман
А. Таўманова.
Төрткүл районы.1-санлы улыўма билим бериў мектеби муғаллими
