БӘРИ ҚАЙТАДЫ

Бир күни кемеде кетип баратырсақ, артымыздағы қайық аўдарылып еки адам туңғыйыққа түсип шөге баслады. Кемедеги бай адам «Шөгип баратырғанларды қутқарсаң, жүз тиллә беремен», – деди. Кемеши разы болып, шөгип баратырғанлардан бирин кемеге алып шықты. Артына қайтқанға шекем екиншиси шөгип кетти.
– Әттең, өмири қысқа екен, – деди бай адам.
– Бәлким сөзиңиз рас шығар. Лекин, бул истиң басқа себеби де бар. Аман қалған адам бир күни жаяў кетип баратырғанымда мени түйесине миндирди. Қайтыс болғаны болса жаслығымда қамшылап урған еди. Суўға түскенимде усы ислер ядыма түсип, дәслеп маған жақсылық еткенди қутқарыўға асықтым. Екиншисине, маңлайына жазылғаны сол екен…. үлгере алмадым.

Лянора ЖИЕМУРАТОВА,
Нөкис қаласы, 48-санлы математика пәнине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы.