ШАҢАРАҚ

Шаңарақ – бул муқаддес дәргай
Ол биз ушын әзиздур жандай,
Себеп онда туўылып-ѳсип,
Шыңланамыз бийик нәрўандай.
Шаңарақ – бул бахыт. Ҳәр қандай жағдайда жақсы күнинде де, жаман күнинде де, қуўанышта да, қайғыда да түсинетуғын қоллап-қуўатлайтуғын шаңарағын болыўы, оларды меҳирин сезиниўин, саған исениўи, сениң барлығыңды умытып қоймаўы ҳәм оларға кереклигиңди сезиниўиң. Дус келген жарыс, дус келген ойын команда болып жумыс ислеў, команда болып жеңиске талпыныў арқалы жүзеге асады. Шаңарақта тап сондай ерли-зайыплылар бириккенде ғана неке берекетли, бахытлы шаңарақ бола алады. Ал, буған жетиў ушын ерли-зайыплылардың қызығыўы бир, ойы бир, мақсети анық болыўы керек.
Ер адам мийнети менен ҳаял адам сабыры ҳәм гѳззаллығы менен бахытқа ериседи. Әлбетте, шаңарақта ер адам ҳаялына кеўил бѳлип оған жыллы сѳзин айтып отырса, жубайының гүлдей қулпыратуғынын биреў билсе, биреў билмесе керек. Себеби, ҳаял адам суў қуймаса солып қалатуғын гүл сыяқлы.
Ҳаял-қызлар жәмийеттиң тиреги,
Шийрин тағам, шаңарақтың жүреги,
Жәмийетте искер, елиме саўлат
Гѳззаллықтың ийеси бизге кереги.
Дурысында да ѳмир болғаннан кейин ҳәр қыйлы адамлар болады. Биреўлери кѳре алмайды, ал биреўлери аяқтан шалады. Сонлықтан шаңарақта қатнасатуғын досларыңызға араласатуғын адамларыңызғада жүдә итибарлы болыўы керек. Демек, шаңарақта бахытлы болыўы ушын қымбат баҳалы тағыншақлар нәҳән үйлер ямаса кѳликлер яғный мал дүньяның қәжети жоқ екенлиги белгили.
Себеби, тап сондай байлығы бола турып жараса алмай тынышы бузылып, аўызбиршилиги, берекети қашып жүрген шаңарақ қаншама дейсең. Усындай ўақытта ѳмир жолы жасларымыз ушын тәрбия мектеби саналған жасы үлкенлеримизден ақыл-кеңес сораўымыз керек деп ойлайман. Себеби, халқымызда «Ѳзи жарымағанның сарқытын ишпе», деген гәп бийкарға айтылмаған.
Ырзаман ата-анамнан
Маған меҳир берип қараған
Сәл аўырсам пәрмана болып,
Қыйын күнлериме жараған.
Нилуфар САПАРБАЕВА,
Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем-ѳнер мәденият институты Нѳкис филиалы 3-курс студенти.