«ЖАҚСЫ БОЛМАҚ ӨЗИҢНЕН, ЖАМАН БОЛМАҚ СӨЗИҢНЕН»

Ҳақыйқатында да, адам баласы өмирге келер екен оған ҳаўа менен суў киби зәрүр болған ең тийкарғы нәрсе бул тәлим-тәрбия болып есапланады.
Шаңарақ – мәмлекет ишиндеги киши бир мәмлекет. Ҳәр бир инсан «шаңарақ» сөзин еситкенде өзине әзиз болған нәрселерди: кемпир апасының жаўып берген мазалы нанының ийисин, дастурхан әтирапында шаңарақ ағзалары менен бирге шай ишиўлер, анасының жағымлы мыйық тартыўын, әкесиниң күшли қолларын, аға-инилери ҳәм апа-сиңлилери менен бирге ойнаған ойынларын, өзиниң ойыншықларын ҳәм ең әҳмийетлиси-жыллы жүзлилик, меҳир-муҳаббат ҳәм ғамхорлықты көз алдына келтиреди.
Демек, жақынлық, туўысқанлық, ғамхорлық арқалы шаңарақ ағзаларын бир-биреўге болған жыллы мүнәсибетлер арқалы ерксиз байлап алады.
Инсанның әдеплиликке, адамгершиликке қәлиплесиўинде оның мәртебели болыўында сөйлесиў уқыплылығы үлкен хызмет атқарады. Халық «жақсы болмақ өзиңнен,жаман болмақ сөзиңнен» деп буған айрықша дыққат қаратады. Сөз ҳаққында,оның инсан өмириндеги хызмети, орны, әҳмийети ҳәм тәрбиялық қүдирети ҳаққында айтпаған данышпан,уллы алымлар болмаған.
Мысалы халқымыз:
«Бир шымшым дуз бенен дәм кирер асқа,
Бир аўыз сөз бенен ғам түсер басқа», – деп сөздиң мәнисин билиў, адамды қапа ететуғын дәрежедеги сөзди айтпаў,адамгершиликтиң нышаны деп түсинген.
Бүгинги күн жасларының тәрбиясында кемшилик ата-аналары тәрепинен жиберилип турғаны белгили.
Себеби, бир көше мысалында алып қарайтуғын болсақ, 40 шаңарақтан 10 шаңарақтың ата-анасы сыртта басқа қалаларда жумыс ислейди. Шаңарақтағы ул ҳәм қызлардың тәрбиясы менен шуғылланыў орнына, олардың үсти басына дурысырақ кийим-кеншеклер алып бериў ҳәм үй-жай қурыўға итибарды қаратып, перзентлери бир сырласыўға ҳәттеки кеўилиндегисин төгип салыўға да имкан таба алмайды.
Узаққа кетпей-ақ, қоңсымның шаңарағы мысалында ата-анасынан өз ўақтында мийир-шәпәәт көрмеген перзентлердиң бүгинги күни ҳаққында өмирдиң бир ашшы ҳақыйқатлығын баян етейин…
Шаңарақта 7 адам жасайды. 70 жасар әжесине 2 ул, 2 қыз перзент тәрбиясына исенип, ата-анасы сырт елде жумыс ислейди. Балалар ер жете берди.
Бир күнлери сырт елде жүрип, әкеси бирден аўырып, 51 жасында өмирден көз жумды. Ана болса, күйеўиниң мерекелерин өткерип болған соң және сол сырт елдеги алдыңғы жумысына қайтты. Әжеси: «Ул ҳәм қызларың ер жетип атыр, енди мен жарамайман, олардың бақырыс-шақырысларына шыдай алмайман, өзиң қара», – дегенине де қулақ аспастан сол сырт елдеги жумысына қайтты.
Ол ҳаял көп дүнья-мал тапты. Еки улына да машина алып берди. Қызларын кантракт пенен университетте оқытты.
Перзентлери не керек десе бәрин таярлап берди. Улларын үйлендирди, қызларын узатты. Ал, әжеси болса үйдеги жәнжелден бир күни қан басымы көтерилип қайтыс болып қалды. Ал, ҳаял бәри өз орнында, ақшадан ҳеш машқала жоқ деп тағы өз жумысында жүре берди.
Өмир деген ағын суў киби зымырап өтип баратыр…
Денсаўлықта мудамы бола бермейди екен. Анасы сырт елден аўырып қайтты. Бирақ, шаңарақта оған қарайтуғын адам жоқ.
Уллары болса өз бала-шағасы менен бөлек шығып кеткен. Ал, еки қыз перзентиниң биреўи күйеўинен ажырасып, судласып жүр…

Өзиниң 60 жыллық өмириниң тең жартысын усы шаңарағы ушын сарп етти. Ал, енди денсаўлығы болмай ҳеш нәрсеге жарамай атырғаны жетпегендей, екинши улы ҳәр күни келип, анасына: «Ақша таўып бер», – деп зобалаңды салып атырғаны…
Перзентлерин ўақтында ҳеш нәрсеге мүтәж етпей өсирди, бирақ қасында болып оларға мийрим-шәпәәт бере алмағанлығынан өкиниш тартпақта.
Сонлықтан, шаңарақ – бул үлкен жәмийет, муқаддес орын. Оны қәдирлеў ҳәм қорғаў керек.
Перзентлериңизге ўақтында кең пейилли, адамгершиликли ҳәм баўырманлықта өзлериңиз үлги болың.
«Қус уясында көргенин ислейди». Демек, перзент тәрбиясында ҳәр биримиз, ҳәр бир минутта дыққат-итибарлы болсақ ғана әтирапыздағы, мәҳәллемиздеги жүз берип атырған тәртипсизликлердиң алдын алған боламыз.

Бахыт КУЛМУРАТОВ,
Нөкис қаласы бойынша ИИО ЖМБ ЖКХ ХПБ ЖӨМБ инспектр-психолог.