Жүрегимдеги қорған

Инсан өмирде бахытқа ерисиўде үш нәрсени дурыс таңлаўы керек деп оқығанман. Бириншиси өмирлик жолдас, өмирлик дос ҳәм өмирлик кәсип. Мен не ушын үшеўин де өмирлик деп атадым. Усы таңлаўымыз ҳәмийше өмиримиз, ырысқымыз таўсылғанша бизлер менен бирге болсын деп. Бул инсан ушын бахыт!
Мен өз өмир жолымда усы үшеўин де дурыс таңладым – деп айта аламан. Себеби, әпиўайы-мен бахытлыман. Ҳәзирде таңлаған кәсибим менен аўзымды толтырып мақтана аламан.

Турмыс тәшўишлеринен шаршап, руўхый азық алыў нийетинде, яки сөз байлығыңызды асырып, кимдур менен дәртлес, сырлас болып, өмирде ҳақыйқый дос таппақшы болсаңыз, асаўдай шаўып баратырған ўақтыңыздың бир демин китап ушын бағышлаң- дегим келеди.
Аўа, дурыс таптыңыз, мен таңладым, миллионлаған кәсиплер арасында өз қәлеўимди таптым. Мен китапханашыман – ол жердеги сыр сандығын ашыўшы, газета-журналлар менен тиллесиўши, инсанлардың өз жолын табыўына жол-жорық көрсетиўши китаплар дүньясының ишинде жумыс ислеймен. Мен бул жер әллеқашан жүрегиме орналасып, қаныма қарысып кеткен. Азанда жумысқа асығаман, кеште үйге. Әлбетте, ҳәр бир кәсиптиң өз қыйыншылықлары болары сөзсиз, машақатлы истиң мийнетин көриў бәрибир басқаша. Усыншама бахыт ишинде жүрмен.
Пүткил әлемдеги ең саўлатлы, беккем қорған меники. Себеби, мен оны руўхый дүньяма, кишкене жүрегиме китаплардан қурғанман…
Болғанай УТЕНИЯЗОВА,
Республикалық Мәлимлеме китапхана орайы улыўма оқыў залы секторы баслығы.