МЕКТЕП–БАЛАЛЫҚТЫҢ СОҢҒЫ МӘНЗИЛИ

Адамның дүньяға келиўи, ўатанының, ата-анасының қушағында, тынышлықта, еркинликте жасаўы бул үлкен бахыт. Ал, сол тыныш елде мектепте билим алған адам бахытлы инсан. Билемиз, басқа айырым еллерде оқыў ушын имканият жоқ. Бизде болса ҳәмме имканият бар. ХХI әсир технологиялар әсири – компьютер, телефон, қулласы, әсте-ақырын раўажланбақта.
Ал, мектеп…..! Бул уллы дәргай. Оған ҳеш бир нәрсе тең келмесе керек. Бул жерде 18 жасқа шекем билим аласаң, устазлардан билмегенимизди үйренип, оқыўды, жазыўды сызыўды меңгерип алдық. Ата-бабаларымыз: «Жаслықта алған билим, тасқа ойылған нағыс сыяқлы», деп бийкарға айтпаған. Бизлерди 18 жасқа толғанша мектеп, устазлар ҳәм ата-анамыз тәрбиялайды.
Мине питкерип атырмыз. Ҳәр сапар мектептен кетиўимизди ойлағанымда устазымның бир гәпин еслеймен «Сизлер 9-класты питкерип колледж, лицейлерге тапсырып кире алмасаңыз мектепте оқыўды даўам еттиресиз, ал 11-класты питкерип жоқары оқыў орнына тапсырып кире алмасаңыз қәлесеңизде мектепте оқый алмайсыз», деген гәпин еслесем, өзимди қорқыныш сезими бийлейди.
Сонлықтан кириў ушын ҳәрекет етиң, үлкен оқыўларда оқып жақсы кәсип маманы болың, – дер еди устазларымыз.
Қәдирдан устазларым, биз қанша шоқ болсақ та еркелигимизге көнип, биз жақсы инсан болыў ушын тынбастан ҳәрекет етти. Бизге өз тәжирийбелеринен келип шығып билгенлерин үйретип келди. Муғаллимниң дәртин муғаллим болғанда түсинесиз – деп еди. Класс басшымыз ағарған шашларыңызға, берген билимлериңизге разы болың.
Ўақыт – ең шапқыр тулпар. Ҳәтте бәйгиде де оған жете алған тулпар жоқ. Кластан-класқа өтер ўақытлары үлкейип атырғанымызды сезинсек те бәрибир де балалығымызға барамыз. Шоқлық етип сабақтан қашсақта, «үйренген әдет қалмас» дегенлериндей және қайталана берер еди. Ҳәтте директорымыздың бөлмеси бизге бийтаныс емес. Себеби, ол жерде көп ескертиўлер еситкенбиз, тез-тез мийманда болғанбыз.
Еле ядымда, 5-класымызда инглис тилинен ҳәммемиз төмен баха алғанымызда сол күннен жарысып оқып ҳәтте имтиханды «5» ке тапсырғанбыз.
Бул умытылмас ўақыялар балалықтағы ең мазалы,ширели демлер. Биз үлкен келешекке, үлкен өмирге қәдем қойыў алдында турмыз. Мектепте өткен ҳәр бир күнимди умыта алмайман себеби, ҳәр күни ҳәр минутта қызықлы ўақыя жүз береди. Сонлықтан мектеп – балалықтың соңғы мәнзили. Балалығым мектеп класларында, әтирапында қалып кетпекте.
Хош бол, қәдирли мектебим!

Зулфия ТӨЛЕБАЕВА,
Кегейли районы, 33-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы.